Халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңесиндеги O’zLiDeP  депутатлық топарының ағзасы Азат Матмуратов ҳәр қандай мәселеде халық пенен бирге болып, сайлаўшылардың исенимин ақлаўға, электорат ўәкиллерине қол-қанат болыўға ҳәрекет етип келмекте.

-Ҳәмийше сайлаўшылардың исенимин ақлаўға умтылатуғын депутат карантин қағыйдаларына қатаң әмел еткен ҳалда аймақ турғынларының машқалаларын үйрениўде баслама көрсетип келмекте,-дейди  O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баспасөз хызмети хаткери Асем Сырымбетова.-Атап айтқанда, жақында райондағы «Нурлы келешек» мәкан пуқаралар жыйынының турғыны, биринши топар майыбы Бахыт Боданова өрттен жәбир көрген турақ жайын қайта оңлап бериўде әмелий жәрдем сорап мүрәжат еткен.

Мәлим болыўынша, 2012-жылы бул пуқараның турақ жайында газ баллонының атылыўы нәтийжесинде өзи, улы ҳәм қызы күйип, жарақат алған. Ҳәзирги ўақытта үшеўи де майыплық напақасын алады. Усының ақыбетинде төрт бөлмели турақ жайы жәбир көрген. Оңлаў ушын материаллық шараяты болмаған.

Халық ўәкили мүрәжат ийеси менен сөйлесип, керекли қурылыс материалларын өзиниң есабынан алып келди. Өзи басшылық ететуғын Абаданластырыў басқармасы жәмәәти менен биргеликте турақ жайды қысқа ўақытта оңлап берди. Буның ушын турақ жай ийелериниң миннетдаршылығы шексиз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги