ӘДИЛЛИК БӨЛИМЛЕРИНДЕ

Беруний районындағы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң биринде мийирбийке болып ислеген Д.К. ҳәм тәрбияшының жәрдемшиси болып ислеген Ю.Х. ның жумыстан нызамсыз босатылғанлығы туўралы әдиллик бөлимине мүрәжаты унамлы шешимин тапты.

Районлық Әдиллик бөлиминиң жуўаплы хызметкери Салтанат Раимбекованың мәлим етиўинше, үйрениў барысында мийирбийке Д.К. менен дүзилген мийнет шәртнамасы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң 128-санлы, тәрбияшының жәрдемшиси Ю.Х менен дүзилген мийнет шәртнамасы 129-санлы буйрық пенен, жумыс орны қысқарғанлығы себепли бийкар етилгенлиги, бирақ, онда жумыс орны не ушын қысқарғанлығына ҳеш қандай тийкар көрсетилмегенлиги анықланды.

Ең қызығы, жумыс орны қысқарды деп бир хызметкерди жумыстан босатып, орнына басқа хызметкерди жумысқа алған. Сондай-ақ, жумыс бериўши тәрепинен жумыстан босатылған хызметкерлерди буйрық пенен таныстырмаған, мийнет дәптершесин бермеген, өзлериниң жумыстан босатылғанлығын олар он күн өткеннен кейин билген. Усы аралықта мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң баслығы өзине жынаят иси қозғатылғанлығы себепли судтың бийлиги менен лаўазымынан шетлетилген. Нәтийжеде, хызметкерлер менен дүзилген мийнет шәртнамасы мийнет нызамшылығына әмел етпеген ҳалда нызамсыз бийкар етилген.

Өзбекстан Республикасы Мийнет Кодексиниң 111-статьясында мийнет шәртнамасы нызамсыз рәўиште бийкар етилген ямаса хызметкер нызамсыз басқа жумысқа өткерилгенде, ол жумыс бериўшиниң өзи, суд ямаса басқа ўәкилликли уйым тәрепинен бурынғы жумысына тиклениўи тийис, деп көрсетилген. Усыған муўапық, районлық әдиллик бөлими тәрепинен пуқаралар Д.К. ҳәм Ю.Х.ның мәпин қорғап, пуқаралық ислери бойынша судқа даўа киргизилди ҳәм судтың шешиўши қарары менен мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң 128 ҳәм 129-санлы буйрықлары бийкар етилди. Нәтийжеде бул пуқаралар жумысқа тикленди ҳәм мәжбүрий бос жүрген күнлери ушын екеўине 3 миллион 872,7 мың сум мийнет ҳақысы өндирип берилди.

-Районлық әдиллик бөлимине быйылғы жылдың өткен алты айы даўамында физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден  83 мүрәжат келип түскен болса, соннан 53 мүрәжат қанаатландырылды,-дейди Салтанат Раимбекова.-Олардың арасында ҳаял-қызлардың нызам менен белгилеп қойылған ҳуқықларының айырым басшылар тәрепинен бузылып атырғанлығы өкинишли.

Мәселен, пуқара И.Д. өзиниң мүрәжатында бала тәрбиясы ушын берилген дем алысы питкеннен соң, жумыс бериўши тәрепинен түрли сылтаўлар менен жумысқа араласыўына рухсат берилмей келгенлигинен наразылығын билдирген. Ол II топар майыплығы болған шахс болыўына, шаңарағында материаллық қыйыншылығы болыўына қарамастан, жумыс бериўши ҳәзир бос жумыс орны жоқ, сентябрь айына шекем күт, сайлаў мапазы өтип алсын, жаңа жылдан баслап аламан, кейин басқа жақтан жумыс таўып беремен деп, түрли сылтаўлар менен бир жылға шекем әўере-сарсанлыққа салып келген.

Мүрәжат үйренип шығылғанда, ҳақыйқатында да пуқара И.Д. 2017-жылдың 6-июлинен баслап еки жылға бала тәрбиясы ушын дем алысын алғанлығы, 2019-жылдың май айында баслыққа жумысқа келиўге рухсат бериўди сорап мүрәжат еткенлиги, бирақ, жумыс бериўшиниң көрсетпеси менен бир жыл өзиниң есабынан мийнет ҳақы сақланбайтуғын дем алыс алғанлығы мәлим болды.  Буннан кейин бир нешше мәрте аўызеки ҳәм жазба түрде мүрәжат еткен болсада, қанаатландырарсыз қалдырылған.

Өзбекстан Республикасы Мийнет Кодексиниң 234-статьясында ҳаял ямаса усы статьяның үшинши бөлиминде көрсетилген шахслар өзлериниң қәлеўи бойынша баланы тәрбиялаў дем алысы дәўиринде толық болмаған жумыс ўақты режиминде ислеўи мүмкин. Дем алыс дәўиринде оның жумыс орны (лаўазымы) сақланады, деп белгиленген.

Жоқарыдағы жағдайдардан келип шығып, районлық әдиллик бөлими тәрепинен тийисли шөлкемге усыныс хаты киргизилиўи нәтийжесинде пуқара И.Д. жумысына тикленди ҳәм районлық Бәнтликке көмеклесиў орайына  берилген ҳәкимшилик усынысқа бола жумыс бериўши Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик Жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң 49-статьясына муўапық базалық есаплаў муғдарының бес есеси муғдарында жәриймаға тартылды. Солай етип,  басшының таўсылмас сылтаўы менен хызметкердиң мийнет ҳуқықы бузылып келген болса, әдиллик бөлиминиң араласыўы менен бундай сылтаўларға шек қойылып, ҳуқықы тикленди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы