СУД ЗАЛЫНАН  

               

Тақыятас районы «Сарайкөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы фермер хожалықларының бириниң қоймаханасынан 36 қалта мәш урлаған Хорезм ўәлаятының турғынлары 1983-жылы туўылған Ж.Т. ҳәм 1992-жылы туўылған C.К. жынаят ислери бойынша Хожели районлық суды тәрепинен тийисли жазаларын алды.

Суд мәжилисинде мәлим болғанындай, пуқара Ж.К. бурын Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 169-статьясы 2-бөлими «в.г» бәнтлери менен айыплы деп табылып, жынаят ислери бойынша Ханқа районы судының 2011-жыл 22-марттағы ҳүкими менен мийнет ҳақысының 20 процентин мәмлекет дәраматына услап қалыў жолы менен еки жыл мийнетке дүзетиў жумыслары жазасы тайынланып, Олий Мажлис Сенатының 2011-жыл 5-декабрьдеги Өзбекстан Республикаси Конституциясының он тоғыз жыллығы мүнәсибети менен қабыл еткен Амнистия ҳаққындағы қарарының 2-бәнтине муўапық жынаят ислери бойынша Үргенш районлық судының 2012-жыл 31-январьдағы уйғарыўы менен жазадан азат етилген. Деген менен, «үйренген әдет қалама, көтере бер мушыңды»,-дегениндей, буннан тийисли жуўмақ шығармастан, мийнетсиз дәрамат табыў мақсетинде және урлық жынаятына қол урды.

Атап айтқанда, шериги С.К. менен алдын ала жынайый тил бириктирип, өткен жылдың 25-декабринен 26-декабрине өтер түнде  Тақыятас районы «Сарайкөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы фермер хожалығының бирине тийисли қоймаханасына жақсы нийетлер менен жыйнап қойған ҳәр бириниң салмағы 50 килограмм болған 36 қалта мәшти урлап, оған 12,6 миллион сум материаллық зыян келтирген.

Дана халқымызда «қайтып барар есигиңди қатты жаппа»,-деген даналық гәп бар. Ол он жылдан бери «Сарайкөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында дийқаншылық етип, аўылдың дузын ишип, бала-шағасын баққан жерине қылаплық етиўди мақсет етти. Шеригине тийисли «Матиз» маркалы автомашина менен өзине бурыннан таныс аўылдағы фермердиң қоймахасында турған мәшти урлаў ушын Хорезм ўәлаятынан жолға шығады. Саат 19.00 шамасында Нөкис қаласы автовокзалына келип, күнниң батыўын күтип отырады. Соннан түнги саат 23.00 шамасында қйомаханаға келип, машинаға сыйғанынша 12 қаптадан жүклейди.

Бәрин алып кете алмайтуғынын, оннан қала берсе, жолда билинип қалатуғынын есапқа алып, басқа жолын излейди. Яғный,  сол аймаққа жақын жерде жасаўшы ески танысы болған пуқараның үйине алып барып, қарыйдар таўып бериўди өтиниш етеди. Ҳеш нәрседен хабары жоқ үйдиң ийеси дән саўда-сатығы пенен шуғылланып жүрген инисин шақырады. Бирақ, иниси буннан гүманланған ҳалда, «урлық емес пе, ертең басымыз бәлеге қалып жүрмейме», дегенине, «яқ, өзлеримиздиң дийқаншылығымыз, аўылға алып кете алмадық, усы жерде сатып кетежақпыз» деп алдайды.

Солай етип, иниси мәштен азғана алып, сатыўшыларға көрсетиў ушын Хожели дийқан базарына кетеди. Түсликке жақын «Лабо» маркалы автомашинада келип, 16 қалта мәшти тийеп кетеди. Оның ҳәр килограмын 6300 сумнан сатып, 4 миллион 800 мың сумды алып келип береди. Сатып бергени ушын 200 мың сум алады.

Қалған 16 қалта мәшти Ж.Т. бурыннан танысы Хожели дийқан базарында сатыўшылық пенен шуғылланатуғын М.исмли пуқараны шақырады ҳәм оған берип жибереди. Ол да келисилген баҳада сатып, тийисли пулларын алып келип береди.

Ертеңине фермер хожалығының баслығы қоймаханадан мәш өнимлериниң урланғанлығын биледи ҳәм тийисли орынларға хабар береди. «Қыңыр истиң қыйығы қырық жылдан соң да билинер»,-дегениндей, ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери тәрепинен олардың урлық жынаяты тез де ашылады.

Суд барысында пуқаралық даўагер сыпатында қатнасқан С.О. судланыўшылардың бири С.К. ға тийисли «Матиз» маркалы автомашинаны 25 миллион сумға сатып алыўға келискенин, 15 миллион сумын берип қойғанлығын, қалған 10 миллион сумды жаңа жылдан кейин атыңа рәсмийлестирип бергеннен кейин берерсең дегенлигин, илажы болса автомашинаны бериўин соранады.

Судланыўшылардың, жәбиркештиң ҳәм гүўаллардың пикирлерин тыңлап,  жеткерилген материаллық зыянның жәбиркешге толық қаплап берилгенин есапқа алып, Ж.Т. ҳәм C.К. Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 169-статьясы 2-бөлими «в.г» бәнтлери менен айыплы деп табылды ҳәм ҳәр қайсысының мийнет ҳақысының 10 процентин мәмлекет дәраматына услап қалыў жолы менен еки жыл мийнетке дүзетиў жумыслары жазасы тайынланды. Жынаят қуралы- С.К. ға тийисли 2014-жылы ислеп шығарылған «Матиз» маркалы автомашина болса, мәмлекет ийелигине өткерилди.

Ибрайым АЛЛАНИЯЗОВ,

жынаят ислери бойынша Хожели районлық судының баслығы.

 

 Қарақалпақстан хабар агентлиги