Туўылған күним мүнәсибети менен қызғын қутлықлап, шын жүректен жақсы тилеклерин жоллаған мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшыларына, сырт ел сиясатшылары ҳәм жәмийетлик ғайраткерлери, халықаралық шөлкемлердиң басшыларына, исбилермен топарлардың ўәкиллерине, елимиздеги мәҳәллелер ҳәм мийнет жәмийетлерине, түрли кәсип ийелери болған барлық ўатанласларымызға терең миннетдаршылығымды билдиремен.

Мениң атыма билдирилген, мен ушын оғада қәдирли болған бул қутлықлаў ҳәм тилеклерди, бәринен бурын, Өзбекстан халқына ҳәм мәмлекетине жоқары ҳүрмет ҳәм иззет, елимиздиң бүгинги ҳәм ертеңги күнине болған исеним белгиси сыпатында қабыл етемен.

Пурсаттан пайдаланып, мийнет сүйгиш, кеңпейил ҳәм уллы мәртебели халқымызға және бир мәрте шын кеўлимнен перзентлик меҳримди ҳәм ҳүрметимди билдиремен.

Көп миллетли халқымыз бенен бирге бүгинги қыйын сынақлардан мүнәсип өтип, жанажан Өзбекстанымыздың раўажланыўы ҳәм ел-халқымыздың абаданлығы жолында алдымызға қойған үлкен мақсетлерге әлбетте жетемиз, деп исенемен.

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти