Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 24-июль күни бир қатар сырт ел мәмлекетлериниң жетекшилери менен телефон арқалы сөйлести.

Соның ишинде, Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Қазақстан Республикасының Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаев, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Түркменистан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Қырғызстан Республикасы Президенти Сооронбай Жээнбеков, Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған, Россия Федерациясы Федерал Мажлиси Федерация Кеңесиниң Баслығы Валентина Матвиенко менен сөйлесиўлер болып өтти.

Шерик мәмлекетлердиң жетекшилери мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен шын жүректен қутлықлап, Өзбекстан Президенти ҳәм халқына беккем денсаўлық, тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Сөйлесиўлер ўақтында еки тәреплеме қатнасықлар ҳәм халықаралық сиясаттың әҳмийетли мәселелери додаланды. Әмелий бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары, заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде тығыз муўапықласыўды даўам еттириў бойынша толық пикир алысылды.

Россия Президенти Владимир Путин менен сөйлесиўде июнь айында Москва қаласында болып өткен әмелий ушырасыўда ерисилген келисимлерди әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Жоқары дәрежеде болажақ сөйлесиўлерди, соның ишинде, еки тәреплеме келисимлер ҳәм перспективалы бирге ислесиў жойбарларын пуқта таярлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Регионаллық шөлкемлер шеңбериндеги тығыз бирге ислесиў даўам еттириледи.

Қазақстан Республикасының Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаев пенен Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Коронавирус инфекциясының тарқалыўы ақыбетлерин сапластырыў бойынша еки мәмлекеттиң ҳүкиметлери, уйымлары ҳәм аймақлары дәрежесиндеги нәтийжели бирге ислесиў қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы көп қырлы қатнасықларды кеңейтиўдиң стратегиялық ўазыйпалары додаланды.

Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен сөйлесиўде әмелий бирге ислесиўди тийкарғы бағдарлар бойынша кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәмлекет басшылары саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң бүгинги пәтин сақлаўға қаратылған болажақ илажлар бойынша келисип алынды.

Ҳүкиметлер дәрежесинде экономиканың түрли тармақларында жаңа кооперация жойбарларын алға қойыў бойынша «жол картасын» әмелге асырыў даўам еттириледи.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов телефон арқалы сөйлесиўде саўда, энергетика, транспорт ҳәм коммуникациялар, аўыл хожалығы тараўларында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелерине айрықша тоқтап өтти.

Белсенди уйымлараралық сөйлесиўлердиң нәтийжелери қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Мәмлекет басшылары болажақ жоқары дәрежедеги илажлардың режесин де көрип шықты.

Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳман менен сөйлесиўде еки тәреплеме жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларының енгизилиў жағдайы ҳәм оларды кеңейтиў перспективлары талланды.

Саўда-экономикалық бирге ислесиўде унамлы пәт сақланып атырғанлығы атап өтилди.

Қабыл етилген «жол карталарын» әмелге асырыў бағдарында ҳәрекетлерди жеделлестириў, соның ишинде, еки мәмлекеттиң пайтахтлары ҳәм аймақлары арасындағы перспективалы кооперация жойбарларын алға қойыў,  қоспа инвестиция компаниясын шөлкемлестириўди жеделлестириўге келисип алынды.

Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Президент Сооранбай Жээнбеков өз-ара пайдалы бирге ислесиўде, биринши гезекте саўда-экономикалық тараўда жаңа өсиў бағдарларын қәлиплестириўди Өзбекстан – Қырғызстан қатнасықларының тийкарғы ўазыйпасы сыпатында атап өтти.

Регионаллық кооперация ҳәм транспорт-коммуникация тараўындағы ири жойбарларды алға қойыў перспективалары додаланды.

Мәмлекет басшылары Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының гезектеги мәсләҳәт ушырасыўына таярлық көриў мәселелерин де көрип шықты.

Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоган менен сөйлесиўде еки тәреплеме қатнасықлар ҳәм регионаллық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысылды.

Бүгинги Өзбекстан – Түркия байланысы жоқары дәрежеде ҳәм нәтийжели болып атырғанлығы үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Мәмлекет басшылары быйылғы жылдың февраль айында Анкара қаласында өткен жоқары дәрежедеги ушырасыўда ерисилген келисимлерди кең көлемли әмелге асырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў бойынша қоспа жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўды жеделлестириў мақсетинде өткерилетуғын ҳүкиметлераралық байланысларға әҳмийетли итибар қаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы Түркия жетекшисине пандемияға қарсы гүресиўде көрсетилип атырған жәрдем ушын миннетдаршылық билдирди.

Россия Федерациясы Федерал Мажлиси Федерация Кеңесиниң Баслығы Валентина Матвиенко менен сөйлесиўде мәмлекетлеримиздиң стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын беккемлеўге хызмет көрсетип атырған парламентлераралық байланыслар ҳәм алмасыўлар оғада жеделлескени атап өтилди.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан ҳәм Россия парламентлериниң ўәкиллери саўда-экономикалық, инвестициялық, илим ҳәм билимлендириў, мәдений-гуманитарлық тараўлардағы қоспа бағдарламалар ҳәм жойбарларды, соның ишинде, мәмлекетлеримиз аймақларының үлкен потенциалын нәтийжели иске қосыў арқалы таярлаўда жедел қатнасыўға таяр.

    *   *   *

Президент Шавкат Мирзиёевтиң атына сырт мәмлекетлер, ҳүкиметлер ҳәм парламентлердиң басшылары, белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлерден қутлықлаўлар келген.

Қытай Халық Республикасының Баслығы Си Цзиньпин өз хатында еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыўға үлкен итибар қаратып атырғанын, беккем дослық қатнасықларын оғада қәдирлейтуғынын атап өткен. Қытай басшысы мәмлекетлик сапар менен Өзбекстанға келиўди режелестирип атырғанын, биргеликтеги ҳәрекетлер менен көп қырлы бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўға таяр екенлигин билдирген.

Корея Республикасы Президенти Мун Чже Ин коронавирус пандемиясына қарамастан даўам етип атырған жедел сөйлесиўлер ҳәм алмасыўлар мәмлекетлеримиз арасындағы айрықша стратегиялық шериклик қатнасықларының ҳақыйқый әҳмийетиниң дәлили екенин атап өткен.

Қубла Корея басшысы тығыз бирге ислесиў себепли мәмлекетлеримиз кризисти жеңип өтетуғынына ҳәм еки тәреплеме байланыслар жаңа раўажланыў дәрежесине жететуғынына исеним билдирген.

Төмендегилер де қызғын қутлықлаўлар жоллаған:

– Ҳиндстан Республикасының Бас министри Нарендра Моди;

– Әзербайжан Республикасының Президенти Илҳом Алиев;

– Беларусь Республикасының Президенти Александр Лукашенко;

– Молдова Республикасының Президенти Игорь Додон;

– Украина Президенти Владимир Зеленский;

– Иран Ислам Республикасының Президенти Ҳасан Руҳоний;

– Сербия Республикасының Президенти Александр Вучич;

– Россия Федерациясы Ҳүкиметиниң Баслығы Михаил Мишустин.

Қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте.