ӘДИЛЛИК БӨЛИМЛЕРИНДЕ

Қанлыкөл районы Әдиллик бөлиминиң араласыўы менен райондағы «Қанлыкөл Агросервис МТП» интегралластырылған сервис орайы жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң 29 хызметкерине 98 миллион 161,1 мың сумлық мийнет ҳақысы өндирип берилди.

Бул ҳаққында районлық Әдиллик бөлиминиң баслығы Тимур Асанов шолыўшымызға мәлим етти.

Жоқарыдағы хызметкерлердиң мүрәжатын үйрениў барысында мәлим болғанындай, олар усы жылдың март, апрель, май ҳәм июнь айлары ушын тийисли мийнет ҳақыларын ала алмаған. Өзбекстан Республикасы Мийнет Кодексининг 154-статьясында жумыс бериўши өзиниң физикалық жағдайына қарамастан, хызметкерге орынлаған жумысы ушын ис ҳақысын белгиленген шәртлерге муўапық усы Кодекстиң 161-статьясында төлеўи шәрт екенлиги белгилеп қойылған. Сондай-ақ, усы статьяда мийнетке ҳақы төлеў мүддети жәмәәтлик шәртнамада яки басқа локал нормативлик ҳүжжетте белгиленеди ҳәм ҳәр ярым айда бир мәртеден кем болыўы мүмкин емеслиги көрсетилген.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 13-апрельдеги «Мәмлекетлик ҳуқықый сиясатты әмелге асырыўда әдиллик уйымлары  ҳәм мәкемелериниң жумысын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманында қалалық ҳәм районлық бөлимлерге инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша илажларды әмелге асырыў, өз ўәкилликлери шеңберинде физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлерин көрип шығыў ҳуқықы берилген.

«Өзбекстан Республикасының Әдиллик министрлиги ҳаққында»ғы Режеге муўапық жоқарыдағы пуқаралардың мәпин гөзлеп, мийнет ҳақыларын өнидириў ушын Пуқаралық ислер бойынша Қоңырат районлар аралық судына арза киргизилди. Нәтийжеде, 29 хызметкердиң 98 миллион 161,1 мың сумлық мийнет ҳақысын өндириў бойынша  судтың буйрығы шығарылып, толық өндирип берилди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы