Бүгинги күнде дүнья жүзи халықларын, соның ишинде, ўатанласларымызды үлкен қәўетерге салып турған коронавирус инфекциясының халық арасында тарқалыўының алдын алыў мақсетинде карантин қағыйдаларының кескин күшейтилиўи кем тәмийинленген, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақлар, жалғыз жасайтуғын нуранийлар, имканияты шекленген ҳәм тийкарғы дәрамат дәрегин жойытқан пуқаралардың турмыс тәризине өз тәсирин тийгизбей қалмады.

Бундай категориядағы инсанларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына бола, барлық аймақларда «Қәўендерлик қайырқомлықларды муўапықластырыў ҳәм волонтёрлық Орайы» және жолға қойылды.

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң Мәлимлеме хызметиниң мағлыўматларына қарағанда, дәри-дәрмақлар, азық-аўқатлық ҳәм басқа да өнимлер кем тәмийинленген шаңарақларға гигиеналық ҳәм санитариялық талапларға толық әмел етилген ҳалда волонтёрлар тәрепинен жеткерип берилмекте.

Министрлик жанында жәмийетлик тийкарда шөлкемлестирилген қәўендерлик қайырқомлықларды муўапықластырыў орайына усы жылдың 13-20-июль күнлери аралығында жәми 2342 мүрәжат келип түсти. Олардың 1469на 126 млн 743 мың сум муғдарындағы зәрүр социаллық жәрдемлер жеткерип берилди. Жәрдем көрсетилген бул мүрәжатлардың 99,4 процентин азық-аўқат, 0,6 процентин дәри-дәрмақ ҳәм басқа түрдеги зәрүрли өнимлер қурайды. Қалған 870тен аслам мүрәжат үйренип шығылмақта.

Орайға мүрәжат еткен жәрдемге мүтәж шаңарақларға ун, өсимлик майы, картошка, пияз, гешир, қумшекер, гүриштен ибарат азық-аўқат өнимлери ҳәм медициналық нықаплар тарқатылмақта.

Қайырқомлық өнимлерин жеткерип бериў жумыслары арнаўлы қорғаныў қураллары менен тәмийинленген хызметкерлер ҳәм волонтёрлар тәрепинен инфекция жуғыўының алдын алыўға қаратылған илажларды қолланған ҳалда әмелге асырылмақта.

– Карантин себепли бираз қыйналып қалдық. Сонлықтан, 1197 қысқа номери арқалы Орайға қоңыраў етип азық-аўқаттан жәрдем сораған едим. Орайда жумыс ислеп атырғанларға, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги ўәкиллерине жәрдемге мүтәжлерге итибар қаратып атырғаны ушын миннетдаршылық билдиремен. Мийрим-шәпәәтли халқымыз бул күнлерден аман-есен өтеди, деп исенемен,-дейди Нөкис қаласындағы «Бағшылық» мәкан пуқаралар жыйыны турғыны А.Уразымбетова.

Бул бағдардағы қайыр-сақаўат жумыслары даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги