Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының мағлыўматларына қарағанда, «Даўыт ата» шегара бажыхана постында қоңсы мәмлекеттен пуқара Б.А.ның басқарыўында кирип келген «DAF» маркалы жүк автотранспорты бажыхана тексериўинен өткерилгенинде, тиркемесиниң астыңғы бөлегинде улыўма баҳасы 21 миллион сумлық 2250 метр «Аспа шиплер ушын бағдарлаўшы» ҳәм 1858 метрлик 6 топ «Аспа шиплер ушын резина» товарлары жасырылғанлығы анықланды.

Сондай-ақ, усы постта пуқара И.П.ның басқарыўындағы «MAN» маркалы жүк автотранспорт та бажыхана тексериўинен өткерилген. Тексериў пайытында онда жүк бақлаў ҳүжжетлеринде көрсетилмеген ҳәм бажыхана хызметкериниң аўыз еки сораўында айтылмаған баҳасы 17 миллион сумлық, узынлығы 1750 метр болған «Аспа шиплер ушын бағдарлаўшы» ҳәм 1584 метрлик 6 топ «Аспа шиплер ушын резина» товарларының бар екенлиги анықланған.

Ҳәзирги ўақытта бажыхана уйымлары тәрепинен анықланған усы фактлерге тийкарланып сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги