Президент Шавкат Мирзиёев 21-июль күни жер есабы ҳәм мәмлекетлик кадастрларды толық қәлиплестириў, тараўға санлы технологияларды енгизиў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Жердиң есабын анық жүргизиў ҳәм нәтийжели пайдаланыў аўыл хожалығы, исбилерменлик, өндирис, қурылыс, геология сыяқлы көплеген тараўлар ушын оғада әҳмийетли. Мәмлекетимиз басшысы аймақларға сапарлары ўақтында бәрқулла бул мәселеге айрықша итибар қаратып, ҳәр бир қарыс жер халқымызға пайда келтириў керек екенлигин атап өтеди.

Тилекке қарсы, геодезия, картография ҳәм кадастр тараўында бир қатар машқалалар топланып қалған. Мәмлекетимизде жер хатлаўы соңғы мәрте 40 жыл бурын өткерилген. Мәселен, 140 районлық ҳәкимшилик шегаралары ҳәзирге шекем анық емес. Аўыл хожалығы жерлерин ажыратыў тәртиби 20 жыл бурын қабыл етилген ҳәм ҳәзирги реформалардың талабына жуўап бермейди. Олардың ақыбетинде тараўда талан-таражлық ҳәм коррупция пайда болған. 66 районда 150 мың гектар егислик жери өзбасымшалық пенен ийеленгени, соңғы еки жылда 122 кадастр хызметкери жынайый жуўапкер болғаны буның дәлили болып есапланады.

Сонлықтан системаны реформалаў басланды. Мәжилисте бул бағдардағы әҳмийетли мәселелер  додаланды.

Президент Шавкат Мирзиёев кадастр уйымларының ең әҳмийетли ўазыйпасы жердиң есабын ҳәм балансын жүргизиў болыў керек екенлигин атап өтти. Жыл ақырына шекем жердиң түри, контуры, шегарасы ҳәм пайдаланыўшысы ҳаққындағы мағлыўматлар топланған мәлимлеме системасын иске қосыў ўазыйпасы қойылды. Енди жер ажыратыў ҳаққындағы қарар усы системаға киргизилсе ғана ҳақыйқый болып есапланады.

Сондай-ақ, жердиң жасалма жолдас каналларын ижараға алыў ҳәм сигналларды қайта ислеў системасын шөлкемлестириўге көрсетпе берилди. Ол болса космосүўретлерди жыллар бойынша салыстырыў арқалы өнимдарлықты таллаў, жерлердиң мелиоративлик жағдайын турақлы үйрениўде пайда береди.

Аўыл хожалығын басқарыўды санластырыў, келеси жылдан баслап жер балансын ҳәм оның есабын Миллий геомәлимлеме системасында жүргизиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Жыл ақырына шекем аўыл хожалығы майданларын электрон таңлаў ҳәм аукцион тийкарында ажыратыў тәртибин енгизиў, халықаралық экспертлерди тартқан ҳалда жер түрлерин оптималластырыў бойынша тапсырма берилди.

«Жергеодезкадастр» мәмлекетлик комитетиниң топырақтың сапасын баҳалаў, жерлерди раўажландырыў, егинлерди жайластырыў менен байланыслы ўазыйпаларды, сондай-ақ, Топырақтаныў ҳәм агрохимия илимий-изертлеў институтын Аўыл хожалығы министрлерине өткериў усынысы билдирилди. Жәҳән банкинен ажыратылып атырған 87 миллион доллар есабынан усы институттың жумысын раўажландырыў, лабораторияларын жаңалаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, Аўыл хожалығы министрлигине жыл ақырына шекем 10 мың гектар жер майдандағы топырақты таллаў ҳәм агротехнологиялық карталарын таярлаў ўазыйпасы қойылды.

Тараўда және бир кемшилик – айырым түрдеги кадастрлар толық қәлиплеспеген. Мәселен, автомобиль жолларының кадастры 23 процент, мәдений мийрас объектлери 32 процент, қубырлар 32 процент, қала қурылысы кадастры 63 процент қәлиплескен. Сонлықтан, 85-технологияларды раўажландырыў бойынша Бас министрдиң кеңесгөйине жумысшы топар дүзип, кадастрлар базасын толық ислеп шығыў тапсырылды.

Мәжилисте қала ҳәм аўылларда жердиң хақыйқый баҳасын анықлаў ҳәм оның базарын қәлиплестириў мәселесине де тоқтап өтилди.

Президент Шавкат Мирзиёев тараўдағы кадрлардың потенциалы төменлиги, «Жергеодезкадастр» мәмлекетлик комитети системасындағы 27 процент хызметкерлер қәнигелиги тараўға туўра келмейтуғынлығын атап өтти. Усы бағдарда сырт ел жоқары оқыў орны филлиалын шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги, Италияның Пиза университети және Москва мәмлекетлик геодезия ҳәм картография университети менен бирге ислесиў керек екенлиги атап өтилди.

Додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлер ҳәр тәреплеме мәлимлеме берди.

 

ӨзА