Қанлыкөл районы әдиллик бөлиминиң араласыўы менен районлық медициналық бирлеспесиниң 5 хызметкерине қосымша төлем төлеп берилди.

Бул ҳаққында районлық әдиллик бөлиминиң баслығы Тимур Асанов мәлим етти.

Мәмлекетимиз басшысының быйыл 19-марттағы «Коронавирус пандемиясы ҳәм глобаллық кризис жағдайларының экономика тармақларына унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында»ғы пәрманы бойынша Өзбекстан Республикасы Қаржы, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары, Денсаўлықты сақлаў министрликлери менен биргеликте медицина, санитариялық-эпидемиологиялық ҳәм басқа да тараў хызметкерлерине коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў илажларына тартылатуғын дәўирде олардың айлық лаўазымлық мийнет ҳақысына 6 процент муғдарында ҳәр күнлик қосымша төлемлер енгизиў белгиленген еди.

Районлық медициналық бирлеспесиниң жуқпалы кеселликлер бөлими хызметкерлериниң әдиллик бөлимлерине мүрәжатын үйрениў даўамында Ж.А. 13 күнлик жумыс дәўири ушын 1 миллион 41 мың 56 сум, Е.Ж. 14 күнлик жумыс дәўири ушын 1 миллион 233 мың 559 сум, Х.Г. 17 күнлик жумыс дәўири ушын 1 миллион 993 мың 16 сум, Ю.Р. 17 күнлик жумыс дәўири ушын 1 миллион 361 мың 381 сум, Б.Б. 17 күнлик жумыс дәўири ушын 1 миллион 497 мың 891 сум, жәми 7 миллион 126 мың 903 сум қосымша төлем төлеп берилмегени белгили болды.

Нәтийжеде бүгинги күнге хызметкерлердиң қосымша төлемлери толық төлеп берилди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы