Республикамызда коронавирус пандемиясы шараятында халқымыздың қәўипсизлигин тәмийинлеўде қатаң карантин қағыйдалары енгизилип, бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Солар қатарында социаллық тармақларда коронавирусқа қарсы дәрилер дизими ҳәм сол дәрилерди қолланыў тәртиби жайластырылғаннан соң дәри-өнимлериниӊ усақлап сатыў баҳасының өсиў жағдайы бақланғанлығы бойынша социаллық тармақларда хабарлар тарқалмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 14-июль күни өткерген видеоселектор мәжилисинде Президентимиз тәрепинен дәри-өнимлери ҳәм медицина буйымлары жетиспеўшилигиниң алдын алыў және баҳалардың қымбатлап кетиўине жол қоймаўға байланыслы тапсырмалар берилди. Белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақтсан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 31-октябрьдеги «Халықты дәри өнимлери ҳәм медицина буйымлары менен тәмийинлеўди буннан былай да жақсылаўға қаратылған илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-2647-санлы қарарына тийкарланып ескертиў хаты шығарылып, ҳәзирги ўақытта республикамыз аймағындағы барлық дәриханаларда түсиник жумыслары алып барылмақта.

Қарарда сырттан алып келинетуғын, сондай-ақ, мәмлекетимизде ислеп шығылған дәри өнимлери ҳәм медицина буйымларын усақлап және көтере сатыў – оларды жеткерип бериўде қатнасыўшылар санына қарамастан көтере саўдасы ушын сатып алынған баҳасынан 15 проценттен, усақлап сатыў саўдасы ушын көтере саўда баҳасынан 20 проценттен артық болмаған муғдарларда шекленген саўда үстемелери қолланылған ҳалда әмелге асырылыўы белгиленген.

Сондай-ақ, Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 6-апрельдеги 185-санлы қарарына муўапық, дәриханаларда барлық дәри өнимлери ҳәм медицина буйымлары баҳасы көрсетилген ҳалда саўдаға қойылыўы шәрт.

Өз гезегинде, тийисли тәртипте (бир жыл даўамында 2 ямаса оннан артық) лицензия талаплары ҳәм шәртлери, сондай-ақ, дәри өнимлери ҳәм медицина буйымларына баҳаны белгилеў тәртиби, рецепт тийкарында берилетуғын ҳәмде электрон саўдасы арқалы дәри өнимлери ҳәм медицина буйымларын усақлап сатыў тәртибиниң бузылыўы – лицензия талаплары ҳәм шәртлериниң қопал тәризде бузылыў жағдайы есапланады. Бул фармацевтика жумысы ушын берилген лицензияның әмел етилиўиниң белгиленген тәртипте тоқтатылыўына алып келеди.

Сол себептен, фармацевтика тараўында жумыс алып барыўшы исбилерменлерден дәри өнимлери ҳәм медицина буйымларына баҳа белгилеў тәртибине, лицензия талаплары ҳәм шәртлерине қатаң бойсыныўын сораймыз.

Ҳүрметли тутыныўшылар егерде Сизлерде жоқарыдағы жағдайларға байланыслы ҳуқықларыңыз бузылса, Қарақалпақстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитетине яки Комитеттиң 222-30-11 «Исеним телефоны» на мүрәжат етиўиңизге болады.

Қарақалпақстан Республикасы

Монополияға қарсы гүресиў комитети.

Қарақалпақстан хабар агентлиги