Қурбан ҳайт байрамы 31-июль, жума күнине туўра келди. Бул ҳаққында Өзбекстан мусылманлары басқармасы хабар берди.

 

Мыср Араб Республикасындағы «Дорул Ифто» пәтўа комиссиясы тәрепинен ҳижрий 1441-жыл Зулҳижжа айының биринши күни милодий жыл есабы бойынша 2020-жыл 22-июль күнине туўра келип атырғаны жәрияланды. Усы тийкарда Саудия Арабстанында ҳаж ибадатларын орынлап атырған шекленген муғдардағы жергиликли зыяратшылар 2020-жыл 30-июль, арафа күни Арафот таўында жәмленеди.

 

Солай етип, 2020-жыл 31-июль, жума күни болса Зулҳижжа айының 10-күни болып, Ислам дүньясындағы ең уллы байрам Ийдул-Азҳо – Қурбан ҳайтының биринши күни болмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.