ӘҲМИЙЕТЛИ ТЕМА

Усы жыл 20-июль күни Беруний районы Абай аўыл пуқаралар жыйыны «Қуралпа» елатлы пункти аймағындағы үлкен жол бойында қандай тәртипсизликлер жүз берди?

Район ҳәкимлиги баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, халықтың наразылығын келтирип шығарған тийкарғы мәселе, үй қапталы қыйтақ жерлерине суўдың жетип бармаўы ҳәм он күн даўамында «Найман» каналына суўдың келмегенлиги себеп болған. Ўақыя орнына  Беруний районының ҳәкими ҳәм тийисли тараў басшылары тезлик пенен жетип барды. Усы жердиң өзинде мәселе унамлы шешимин тапты. Ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен халық тарқатылып, тынышсызландырылды. «Найман» каналына суў жеткерип берилди.

Халықтың наразылығы орынлы, әлбетте. Бирақ, усы жерде бир нәрсени түсиниў керек. Беруний районы аўыл хожалығы бойынша 13 аймаққа бөлинген болып, оның барлығына бирден суў жеткерип бериў машқала. Сонлықтанда гезекпе-гезек суўғарыў системасы енгизилген.  Оның үстине ҳаўа райының ҳәдден тыс ыссылығы  егинлердиң тез шөллеп қалыўын келтирип шығармақта.

Ҳәр қандай жағдай жүз бергенде оны тыныш ҳәм келисим жолы менен жағдайды түсиндирсек ҳәм түсинсек мақсетке муўапық болар еди. Ҳәзирги пүткил дүнья жүзинде жүз берип атырған пандемия дәўиринде тынышлық, денсаўлықтың өзи үлкен байлық болып табылады. Азғана ойланбастан исленген ҳәр бир ҳәрекет сизиң менен бизиң тыныш-татыў турмысымызды көре алмайтуғын айырым кимселерге қол келиўи мүмкин.

Районда алдағы ўақытларда бундай жағдайларды болдырмаў бойынша илажлар белгиленди.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы