Нөкис қаласы ҳәкимлиги арнаўлы комиссиясының бүгинги өткерилген мәжилис шешимине муўапық, халықтың усыныс ҳәм мүрәжатларын есапқа алып, усы жылдың 22-июль сәнесинен баслап пайтахтымыздағы Орайлық дийқан базары, ири саўда орайларының жумысы тек ғана азық-аўқатлық затларды сатыўы, коронавирус кеселлигиниң алдын алыў ҳәм оның тарқалыўына жол қоймаў мақсетинде ашық аспан астында ҳәр күни саат 19:00ге шекем халыққа саўда-сатық хызметин көрсетеди. Бул ҳаққында қала ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.

 

Бунда төмендеги қатаң талап ҳәм қағыйдаларға әмел етиў белгиленди:

 

– Барлық пуқаралар белгиленген (2 метр) аралықты сақлап, санитариялық-гигиеналық талапларға (медициналық бир мәртелик қолғап, нықап тағып) бойсынып, адамлардың бир орында топланыўына жол қоймаў;

 

– Базар ҳәм саўда орайларының хызметкерлери бир мәртелик қолғап пенен нықапта болыўы шәртлиги, сондай-ақ, медициналық қорғаныў кийимлерин кийип,  азық-аўқат өнимлериниң халыққа қолайлы баҳада сатылыўына ҳәм сапасына айрықша итибар қаратыўы усыныс етиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.