Орайлық банк баспасөз хызмети адамлар тәрепинен көп берилип атырған усы сораўға төмендегише жуўап берди:

 

«Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 28-ноябрьдеги ПФ-5886-санлы Пәрманының орынланыўы бойынша ислеп шығылған «Халыққа көп квартиралы турақ жайлардағы квартираларды сатып алыў ушын базар принциплери тийкарында ипотека кредитлерин ажыратыў концепциясы»на тийкарланып белгиленген муўапықлық критерияларына жуўап беретуғын 14 банктиң Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы аймағында жайласқан барлық филиалларына Мәмлекетлик хызметлер агентлиги ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы мүрәжат етиўиңиз мүмкин».

 

Банклердиң дизими төменде келтирилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.