Халыққа қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў, кеселлик белгилери болған пуқараларды емлеўханаларға жеткериў ушын Нөкис қаласында 20 мобиль бригада ҳәм Министрлер Кеңесиниң резервтеги қаржылары есабынан барлық районларда 5 ҳәм 6 мобиль бригадалар шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариевтиң халқымызға жоллаған мүрәжатында атап өтилген.

 

Қосымша түрде және 20 дана «Damas» автомашинасы мобиль бригадаларға берилди.

 

Тез жәрдем бригадаларында 838 шыпакер ҳәм 1091 фельдшер хызмет көрсетпекте.

 

Денсаўлықты сақлаў системасында қысқа номерли 1105 – «Call-center» шөлкемлестирилип, күни-түни пуқараларға зәрүр медициналық мәсләҳәт ҳәм жәрдем көрсетилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.