Мәмлекетимиз ғәрезсизликке ерискеннен кейин халықты дизимге алыў илажлары өткерилмеген. Өзбекстан Республикасында бул илажлар соңғы мәрте Кеӊес аўқамы дәўиринде, анығырағы 1989-жылы өткерилген. Соның ушын ҳәр бир жәмийетте халықты дизимге алыў кеминде 10 жылда шөлкемлестирилиўи тәртипке айланған. Енди бул илаж Өзбекстанда да жолға қойылады. Бул ушын Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 5-февральдағы «Ѳзбекстан Республикасында 2022-жылда халықты дизимге алыўды ѳткериў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы Пәрманы тийкар болады. Пәрманның 2-бәнтинде халықты дизимге алыўдың тийкарғы белгилери айрықша көрсетилген.

Олар төмендегилерден ибарат, халықты дизимге алыў мәмлекетте жасайтуғын барлық халыққа тийисли болған демографиялық, экономикалық ҳәм социаллық мағлыўматларды жыйнаў, улыўмаластырыў, баҳалаў, анализлеў ҳәм дағазалаўдың бирден-бир процесин өз ишине алып, халық ҳаққында мағлыўматлардың тийкарғы дәреги есапланады. Аймақларды раўажландырыў ҳәм жәмийеттиң социаллық қорғаўға мүтәж қатламларына жәрдем көрсетиў бойынша сиясий ҳәм басқарыў қарарларын қабыл етиў ушын зәрүр мағлыўматларды алыў имканиятын береди. Бул халықтың санын исенимли есаплаў, сондай-ақ, анық белгилеп қойылған бирден-бир есапқа алыў дәўиринде халыктын жынысы, жасы, шаңарақ жағдайы, мағлыўматы, жасаў шараяты, бәнтлиги, миллети, пуқаралығы ҳәм басқа да демографиялық, социаллық-экономикалық өзгешеликлери бойынша жеке тәртипте есапқа алыў ҳәм толық сыпатлаўдыӊ универсал усылын иске түсирген ҳалда рәсмий статистика системасында тийкарғы роль атқарады. Жоқарыда атап өтилгениндей, бизде жақын 30 жыл даўамында халықты дизимге алыў илажлары әмелге асырылмады. Бул өз гезегинде объектив мағлыўматларды жыйнаў ҳәм социаллық-экономикалық режелерди анық режелестириў мәселелерине саясын салды, әлбетте. Яғный қай жерде ҳәм қашан пүткил халықты реал қамтып алатуғын емлеўхана қурыў, мектеп қурып питкериў, талапларға сәйкес қәнигеликлер таярлаў сыяқлы социаллық мәселелер төменлей баслайды.

Тарийхый дәреклерге бола, халықты дизимге алыў әййемги дәўирлерге барып тақалады. Анығырақ, мәмлекетликшиликтиӊ қәлиплесиўи менен халықты өз дәўирине сәйкес түрде дизимге алыў көринислери пайда болған. Олардың ең тийкарғылары төмендегилер болып есапланады;

Бириншиден, мәмлекет өзине жүкленген ўазыйпаларды орынлаўы ушын ғазнасына салық жыйнаў, салықлар қанша түсетуғынын алдын ала билиў ушын мәмлекетте пуқаралардың дизими зәрүр болған.

Екиншиден, мәмлекетти сыртқы – ишки жаўдан сақлаў ушын әскерий хызметкер ҳәм сәркардалар керек болған. Олардың саны қанша, жасы нешеде екенлигин билиў ушын халықты дизимге алыў талабы пайда болған.

Халықты дизимге алыў әййемги Египет, Афина, Рим ҳәм Қытайда пайда болған. Кейин ала бул тәртип Европа мәмлекетлеринде де жолға қойылған.

Ҳәзирги күнге келип, дүнья тәжирийбесинде халыкты дизимге алыў ҳәр қыйлы ҳәм ҳәр түрли формада алып барылады. Ҳәр бир мәмлекет өзиниӊ географиялық жайласыўы ҳәм миллий қурамынан келип шыққан ҳалда бул процессти шөлкемлестиреди. Бирақ пүткил инсаният ушын улыўма көрсеткишлери бар болып, ол халықты дизимге алыў дәстүри деп аталады. Дәстүрде дизимге алыў анкетасы керекли мәлимлеме қуралы болып есапланады. Бул анкета халық ҳаққында мағлыўматларды алыў ушын зәрүр болған сораўлардан ибарат болады.

Ол мәселен, мәнзили, турақлы ямаса ўақтынша жасайтуғын орны; демографиялық жағдайы: жынысы, жасы, шаңарақ жағдайы; пуқаралығы: миллети, мағлыўматы, диний исеними ҳәм усы сыяқлы сораўлардан ибарат.

Сырт елдеги дәреклерди үйрениў ҳәм анализлеў процесиндеги нәтийжелеримизге сүйенип, халықты дизимге алыўға төмендегише сыпатлама бериледи: «Халықты дизимге алыў – өз алдына бир мәмлекет халқының шекленген бир бөлеги ямаса толық барлығының белгили бир дәўир жағдайына байланыслы болған социаллық, экономикалық ҳәм демографиялық көрсеткишлерин жыйнаў, оларды қайта ислеў ҳәм таллаў нәтийжесинде топланған мағлыўматларды жәриялаў, баспадан шығарыў ўазыйпасы болып есапланады».

Президентимиздиң жоқарыда атап өтилген Пәрманының 5-бәнтинде «Ɵзбекстан Республикасы Мәмлекетлик статистика комитети, Экономика ҳәм санаат министрлиги, Қаржы министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Әдиллик министрлиги ҳәм басқа да тийисли министрликлер ҳәм шөлкемлер менен биргеликте 2019-жыл 1-июльге шекемги мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын Ɵзбекстан Республикасының «Халықты дизимге алыў ҳаққында»ғы Нызам жойбарын ислеп шықсын ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин», деп айрықша көрсетилген. Сол себепли баслы ўазыйпа –  усы нызамның дәўир талабына сәйкес ҳәм миллий менталитетимизге сай рәўиште ислеп шығылыўы ҳәм қабыл етилиўи болып табылады. Соның ушын халықты дизимге алыў бойынша қабыл етилген концепция талаплары ҳәм 2022-жылда халықты дизимге алыўды өткериўге байланыслы комплексли илажлар дәстүри бағдарламасы  өз ўақтында толық орынлаў, нәтийжелилиги жоқары болатуғын қосымша илажлар болса, оларды да жедел әмелге асырыў мақсетке муўапық. Бул ушын қоңсыларымыздың, сондай-ақ, раўажланған мәмлекетлердиң бул бағдардағы нәтийжели тәжирийбелеринен пайдаланыўымыз шәрт, әлбетте.

Бул бойынша әмелге асырылыўы зәрүр болған илажлардың унамлы нәтийжеси, жәмийет алдында турған ең баслы машқалаларға айдынлық киргизиў имканиятын жаратады.

Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы Демография ҳәм мийнет статистикасы бөлими.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги