Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли ўатанласлар!

Әзиз заманласлар!

Бәршеңизге белгили, бүгинги күнде коронавирус пандемиясы пүткил дүньяда барлық инсаниятты тәшўишке салмақта.

Бүгинги күнде коронавирус инфекциясын жуқтырыў жағдайлары аймағымыздағы халқымыздың арасында күн сайын артып баратырғанын өкиниш пенен атап өтиўимиз керек.

Ең жаманы кеселликтиң тарқалыўына тийкарғы себеплерден бири пуқараларымыз тәрепинен өзин қорғамай, бул кеселликтиң қәўпин түсинбей, карантин талапларын орынламай атырғанлығы болмақта.

Әзиз ўатанласлар!

Коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў, биринши гезекте халықтың денсаўлығын қорғаў, социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы бойынша 10 мың 543 пуқара карантин бақлаўына алынған (соннан 437си медицина мәкемелеринде, 10 мың 106сы үй шараятындағы карантинде).

Сондай-ақ, COVID-19 бенен кеселленген наўқасларды емлеў, зәрүрли дәри-дармақлар ҳәм қорғаныў қураллары менен тәмийинлеў бағдарында барлық илажлар көрилмекте. Атап айтқанда, наўқасларды емлеў ушын 790 орынлық 8 стационар клиника ҳәм арнаўлы емлеўханалар жумыс ислемекте.

Сондай-ақ, коронавирус инфекциясы менен кеселленгенлердиң саны артып кеткен жағдайда емлеў процесин шөлкемлестириў ушын медицина мәкемелеринде 3 мыңнан аслам койка орынлар резервке қойылып, таяр жағдайға келтирилген. Буннан тысқары Нөкис қаласында 1000 орынлық карантинде сақлаў комплекси ҳәм 100 орынлық арнаўлы емлеўхана қурылмақта.

Бул медициналық мәкемелерде наўқасларға медициналық хызмет көрсетиў ушын 2 мың 74 шыпакер ҳәм 13 мың 327 медицина хызметкериниң хызмет көрсетиўи белгиленген.

Наўқаслар менен байланыста болатуғын шыпакерлер ҳәм медицина хызметкерлери барлық қорғаныў қураллары менен тәмийинленген.

Ҳүрметли заманласлар!

Бүгинги күнде медициналық мәкемелеримиз зәрүрли медициналық қураллар менен үскенеленген, атап айтқанда, 47 жасалма дем бериў аппараты (ИВЛ),  92 шприцли дозатор, 68 кардиомонитор ҳәм 300 кислород баллоны ҳәм кислород жеткерип бериў менен тәмийинленген.

Сондай-ақ, 1 миллиард сумлық 700 ден аслам наўқасқа жететуғын дәри дәрмақлар резерви қәлиплестирилген.

Бүгинги күнге шекем барлық медициналық мәкемелерге жергиликли бюджет қаржылары есабынан 5 миллиард сумлық медициналық әсбап-үскенелер, дәри-дәрмақлар ҳәм қорғаныў қураллары жеткерип берилди. Бул дәрилер COVID-19 бенен кеселленген наўқасларға бийпул берилмекте.

Бүгинги күнде пуқараларда коронавирус кеселлигин анықлаў ушын тест тапсырыў 3 жерде (6 ПЗР аппараты бар) шөлкемлестирилген болып, 44 мыңнан аслам пуқаралар тексерилди.

Қосымша 6 тест тапсырыў аппаратлары жақын күнлерде алып келиниўи режелестирилген.

Халыққа қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў, кеселлик белгилери болған пуқараларды емлеўханаларға жеткериў ушын Нөкис қаласында 20 мобиль бригада ҳәм Министрлер Кеңесиниң резерв қаржылары есабынан барлық районларда 5 ҳәм 6 мобиль бригада шөлкемлестирилди. Күни кеше қосымша және 20 Дамас машиналары мобиль бригадаларға берилди. Қыстаўлы жәрдем бригадаларында 838 шыпакер ҳәм 1 мың 91 фельдшер хызмет көрсетпекте.

Ҳүрметли пуқаралар денсаўлықты сақлаў системасында қысқа номерли (1105) колл-центр шөлкемлестирилип, күни-түни хызмет етпекте. Пуқараларымыз зәрүрли медициналық мәсләҳәт ҳәм жәрдем алыўы мүмкин.

Әзиз жерлеслер!

Пандемия дәўиринде кем тәмийинленген ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаўды өзимизге ең тийкарғы ўазыйпа етип қойғанбыз.

Бул бағдарда «Сақаўат ҳәм жәрдем» қорына қәўендерлер тәрепинен 6 миллиард 700 миллион сум келип түскен. Соннан 11 мың 593 шаңараққа 2 миллиард  740 миллион сумлық жәрдем көрсетилген. Бүгинги күнде қорда 4 миллиард сум қаржы  болып, барлық мүтәж шаңарақларға жәрдем көрсетиў имканиятымыз бар.

Пуқаралардың дыққатына! Соны айрықша атап өтиўимиз керек.

Қәўендерлик қайырқомлықларды муўапықластырыў ҳәм волонтёрлық орайларына мүрәжатларын қабыллаў мақсетинде 1197 қысқа номерли телефон тармағы иске түсирилди. Сондай-ақ, ҳәр бир қала ҳәм районларда арнаўлы телефон номерлери жәрдем көрсетиў ушын ислеп тур.

Ҳәр бир жәрдемге мүтәж пуқара усы калл-центрге мүрәжат етип, қысқа мүддет ишинде зәрүрли азық-аўқатлық ҳәм дәри-дәрмақлар менен тәмийинленбекте.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Және бир әҳмийетли мәселелерден бири, азық-аўқат ҳәм дәри-дармақлардың резервин жаратыў, баҳалардың тийкарсыз өсип кетиўиниң алдын алыў бойынша барлық илажлар көрилген.

Атап айтқанда, халықтың азық-аўқат өнимлерине болған талаплары есапланып, белгиленген көлемде ислеп шығарыў ушын фермер ҳәм дийқан хожалықлары жер майданларына бәҳәр айларында зәрүрли аўыл хожалығы егинлери егилди.

Баҳалардың өсиўиниң алдын алыў мақсетинде Нөкис қаласы ҳәм районларда (сол қатары алыс аўылларда) жәми 200 ден аслам көшпели саўда ярмаркалары шөлкемлестирилип, ун, гөш, өсимлик майы, гүриш, картошка, пияз ҳәм басқа да азық-аўқат өнимлериниң арзан баҳада сатылыўы жолға қойылды.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Бүгинги күнде коронавирус пандемиясы тарқалыўының алдын алыў бойынша күшейтилген карантин талапларының енгизилиўи ҳәм жүдә көплеген үгит-нәсиятлаў жумысларының алып барылыўына ңарамастан, пуқараларымыз бул кеселликтиң қәўпин түсинип жетпей атыр.

Нәтийжеде пуқараларымыз тәрепинен көшелерде топланып жүриў ямаса зәрүрлик болмаса да ҳеш бир жумыссыз, бийкарға көшелерде жүриў, медициналық нықаплар тақпай карантин талапларын бузыў жағдайлары ушыраспақта.

Атап айтқанда, 16 мың 219 жағдайда пуқараларымыз ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылды (2 жағдайда жынайый жуўапкершиликке тартылды), олардың көпшилик бөлеги жәмийетлик орынларда нықапсыз жүриў менен байланыслы болмақта.

Соны айрықша атап өтиў керек, пуқараларымыздың итибарсызлығы, социаллық аралықты сақламай жүриўи ақыбетинде 1 кеселленген пуқара бир күнде 90 пуқараға шекем жуқтырыў жағдайлары ушыраспақта.

Әлбетте, бундай жағдайлар барлық пуқараларымызға сабақ болыўы керек.

Әзиз жерлеслер!

Усы пурсаттан пайдаланып, пуқараларымыздан бул кеселликтиң қаншелли қәўипли екенлигин жүрек-жүректен сезген ҳалда:

-карантин талапларына қатаң әмел етиўин,

– биринши гезекте ҳәр биримиз өз шаңарағымыз, балаларамыз бенен үйимизде, жумысымызда ҳәм баратуғын жерлеримизде жеке гигиена ҳәм санитария қағыйдаларына қатаң әмел етип, биргеликте кеселликтиң алдын алыўын,

– Ишки ислер, Миллий гвардия ҳәм Санитариялық-эпидемилогиялық бақлаў хызметкерлери және шыпакерлердиң мәсләҳәтлерине әмел етиўин сораған болар едим.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Сөзимниң жуўмағында соны айрықша атап өтиўди қәлер едим, коронавирус пандемиясы ўақтында халқымыз бенен және де бирлесип, аўызбиршиликли болып, бул машақатлы сынақларды да жеңип өтемиз, деген үмиттемен.

Итибарыңыз ушын рахмет!

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги