Қандай жағдайларда сырт елден Өзбекстанға оқыўды көшириўге руқсат берилмейди? Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги бул жағдайларды келтирип өтти.   

– мәмлекетлик аккредитациядан өтпеген жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқып атырғанларға;

– аралықтан (онлайн) билим бериў түринде оқып атырғанларға;

-сырт елде оқып атырған жоқары билимлендириў мәкемеси тәрепинен студенттиң оқыўы Өзбекстан жоқары билимлендириў мәкемесиниң почта мәнзилине жиберилмесе, студенттиң оқып атырған жоқары билимлендириў мәкемесиндеги ҳүжжетлер топламы толық усынылмаса.

Соның менен бирге, сырт ел (соның ишинде қоңсы) лердеги жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға мирәт етип атырған рәсмий емес фирмалар, пуқаралар ҳәм басқа да сол сыяқлы алдаўшыларға исенип қалмаў усыныс етиледи. Бундай категориядағы пуқаралар студентликке қабыллаў ямаса оқыўды көшириў бойынша ҳешқандай ўәкилликке ийе емес.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги