Алдын хабар бергенимиздей, Нөкис қаласына коронавирус инфекциясының кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша Нөкис қалалық арнаўлы комиссияcының 01/П-44-санлы мәжилис протоколына муўапық, пайтахтымыздағы Орайлық дийқан базары, қәнигелестирилген қурылыс базары, сондай-ақ, ири саўда орайларының жумысы 2020-жыл 20-июльдан 1-августқа шекемги аралықта ўақытша тоқтатылатуғыны белгиленген еди.

 

Бул халқымыз арасында «Korzinka.uz» ҳәм «Мега Нукус» саўда орайлары да жабық турады екен» деген мазмундағы хабарлар тарқалыўына себепши болмақта.

 

Биз буған анықлық киргизиў мақсетинде Нөкис қаласындағы «Korzinka.uz» ҳәм «Мега Нукус» саўда орайлары менен байланыстық.

 

Сораўларымызға жуўап берген тийисли жуўапкерлердиң бизге мәлим етиўинше, усы саўда орайларының азық-аўқатлар сатылатуғын секторлары өз жумысларын тоқтатпайды.

 

Мағлыўмат ушын, «Мега Нукус» саўда орайы ҳәптеде дем алыс күнлерисиз саат 09:00 ден 22:00 ге шекем жумыс алып баратуғын болса, «Korzinka.uz» саўда орайының жумыс ўақты ҳәптеде дем алыс күнлерисиз 08:00 ден 21:00 ге шекем даўам етеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.