Санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының баслығы Н.Отабековтың атап өтиўинше, пневмония кеселлиги бул өкпениң асқынланыўы болып, оның жүзеге келиўине себеплер оғада көп. Айрым жағдайларда пневмониялар бактериал, вируслы, грибоклы этиологиялы болыўы мүмкин.

 

Коронавирус кеселлигиниң ең қәўипли белгилериниң бири – бул пневмония болып табылады. Өзбекстанда дизимге алынып атырған коронавирустан өлимшилик жағдайларының көпшилиги усы белги менен байланыслы.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.