Усы жылдың 16-июль күни саат 16:00 лер шамасында 1987-жылы туўылған транспорт басқарыўшысы А.П. мәс ҳалда «Nexia 3» маркалы транспорт қуралын Нөкис қаласы Өзбекстан гүзары (бурынғы Төрткүл гүзары) бойлап басқарып киятырып, басқарыўды жоғалтқан. Ақыбетинде усы көшеде жайласқан «SERGELI AVTOTEXXIZMAT» Нөкис филиалының имараты алдында турған жаңа, сатыўға қойылған «Trailblazer» маркалы транспорт қуралына келип соқлығысқан.

 

ӨзР ИИМ ЖҲҚББның хабар бериўинше, соқлығысыў ақыбетинде ҳеш ким дене жарақатын алмаған.

 

Жүз берген ЖТҲ бойынша сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.