Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасының жаңа имаратының қурылысы басланды.

Арқа-батыс әскерий округиниң баспасөз хызметиниң берген мағлыўматына қарағанда, усы жылдың 15-июль күни Нөкис қаласында округ командири полковник Фарҳоджон Шерматов Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасының ҳәкимшилик имаратының қурылысына байланыслы алып барылып атырған жумысты көзден өткерди ҳәм қурылыс жумысларына рәмзий старт берди.

Нөкис қаласының орайында бой тиклеп атырған «Nukus city» қалашасының қурылысы себепли басқарманың ҳәкимшилик имараты усы жылдың май айында ўақтынша басқарманың Шақырыў участкасы жайласқан аймаққа көширилген еди.

Қорғаныў ислери басқармасының капитал қурылысы ушын республикамыздың жергиликли бюджетинен 5,950 миллион сум қаржы ажыратылып, тендер саўдаларының жуўмағы бойынша қурылыс «Golden star» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен әмелге асырылыўы белгиленген.

Қурылысы режелестирилип атырған имараттың смета-жойбарлаў ҳүжжетлерине бола, Қорғаныў ислери басқармасы 3 қабат ҳәм қоймаханадан ибарат болып, заманагөй үлгидеги, барлық қолайлықларға ийе 70 тен аслам хызмет бөлмелерин өз ишине алады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги