Статистикаға муўапық, «COVID-19»дың тарқалыўы ҳәр қандай климатлық шараятлар ҳәм ығаллықта жүз бериўи мүмкин. Бул ҳаққында Санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының баслығы Н.Отабеков мәлим етти.

 

Оның атап өтиўинше, қәнигелер бул жағдайды көбинесе вирус тарқалыўына қолайлы шараят болған имаратларда бақланыўы менен түсиндиреди.

 

Жоқары ҳаўа температурасы, қуяш нурының тиккелей түсиўи, қурғақ ҳаўа вирусты өлтиретуғынлығы дәлилленген ҳәм бул бойынша артықша пикирлерге орын жоқ.

 

Атап өтиў орынлы, «COVID-19»дың қоздырыўшысы өмир сүриўшең ҳәм ең минимум шараят болғанда да аңсат тарқалады.

 

Сол себепли инфекцияны тек ғана айтып өтилген профилактикалық қағыйдаларға әмел еткен ҳалда жеңиў мүмкин.

 

Сондай-ақ, адамның дене температурасы қоршаған орталықтағы шараятқа байланыслы емес ҳәм нормада 36,6°С ты қурайды. Бул да коронавирустың организмде көбейиўин аңсатластырады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.