Халық  депутатлары Шымбай районлық Кеңесиндеги ӨзЛиДеП  депутатлық топарының ағзасы Қаллыбек Арзиев  көпшилик депутатлар сыяқлы карантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалда ҳәр қандай мәселеде халық пенен бирге болып, сайлаўшылардың исенимин ақлаўға, электорат ўәкиллерине қолқанат болыўға умтылмақта.

Жақында партия ўәкилине Шымбай районы «Гүжимли» МПЖда жасаўшы, ўақтынша жумыссыз пуқара Қуўаныш Балқыбаев мүрәжат етти.

Ол өз күши менен салған үйине газ тармағы ҳәм газ есаплағыш  үскенесин қурып бериўде әмелий жәрдем сораған. Халық ўәкили бул мәселени  үйренип шығып, тийисли шөлкемлерге депутатлық сораў хатын жиберип, бул  пуқараның үйине газ тармағы ҳәм газ есаплағыш үскенеси бийпул қурып берилди.

– Карантин пайытында мүрәжатым итибарсыз қалдырылмай өз шешимин тапты. Буннан қуўанышлыман,-дейди Қ.Балқыбаев. – Усы ўақыя себепли партия ҳәм депутатқа болған исенимим және бир мәрте артты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги