Бәршемизге белгили, соңғы жылларда Президентимиздиң басшылығында мәмлекетимизде системалы түрде инсан мәплерин тәмийинлеў, халқымыздың турмыс дәрежесин арттырыўға қаратылған реформалар алып барылмақта. Бул процессте, әсиресе, ҳаял-қызлардың жәмийеттеги орнын ҳәм абырайын көтериў, олардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта.

Биз усы мақаламызда ҳаял-қызлардың машқалаларын унамлы шешиўге жәрдемши болып турған «Коол орай» жумысы ҳәм 1211 исеним телефонына келип түскен мүрәжатлардың қалай шешимин таўып атырғанына тоқтап өтпекшимиз.

Бул бағдардағы жумыслардың барысы менен танысыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳәм Кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң ўәкиллери Тақыятас, Хожели, Қанлыкөл ҳәм Қоңырат районларында болды.

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң мәлимлеме хызмети тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, үйрениў барысында көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылып атырғанлығы анықланған.

Мәселен, Зуҳра ҳәм Феруза Файзуллаевалар Тақыятас районындағы «Нурлы келешек» МПЖ аймағында жасап келмекте. Ата-анасынан ерте жетим қалған бул апалы-сиңлилер турақ жайы авариялық жағдайда екенлигин айтып, оңлаў жумысларын алып барыўға материаллық шараяты жоқ екенлигин мәлим еткен.

Олардың бул мәселеси итибарға алынып, район ҳәкимлиги, районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими, абаданластырыў бөлими тәрепинен үйренип шығылып, әмелий жәрдем берилди. Буннан тысқары, үй әтирапында абаданластырыў жумыслары да әмелге асырылды.

Хожели районы турғыны Дурдана Пиримбетова 1952-жылы туўылған. Шаңарағындағы жағдай бираз қурамалы. Жасап атырған жайы авариялық жағдайда. Ол турақ жай мәселесинде әмелий жәрдем сорап мүрәжаат еткен пуқаралардың бири. Оның бул мәселеси де қысқа мүддет ишинде унамлы шешим тапты. Яғный, қурылысы жуўмақланған 2 сотыхлы 10 турақ жайдың биреўи Д.Пиримбетоваға берилди.

Усы районның «Әмиўдәрья» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасайтуғын Элмира Урпетова да сабырлы ҳаяллардың бири. Оның 2016-жылы туўылған наўқас перзенти бар. Баласын емлетиў ушын барлық илажларды көрмекте. Бирақ нәтийже жоқ. Денсаўлығында өзгерис сезилмей атыр. Сондай-ақ, жақында күтилмеген себеплер менен турақ жайы пүткиллей жанып кеткен. Тағдирдиң сынақларынан шаршаған ол 1211 исеним телефонына коңыраў етип, өз дәртин айтты. Оның бул мүрәжаты көрип шығылды. Нәтийжеде, аймақтағы пайдаланылмай турған имаратта оңлаў жумыслары әмелге асырылып, оған пайдаланыўға тапсырылды. Жаңа үйге мүнәсип саўға ретинде тигиў машинасы да берилди.

– Аўҳалым жүдә аўыр болған. Себеби, үстимиздеги кийимимизден басқа ҳәмме затымыз жанып кетти. Бүгин мениң машқалам ўақтында үйренилип, жәрдем берилип атырғанынан қуўанышлыман. Енди балаларыма жақсы тәрбия берип, қолымдағы тигиўшилик өнеримди еле де раўажландыраман, – дейди Э.Урпетова.

Қанлыкөл районындағы «Мәденият» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасайтуғын Газимаш Душанова 2-топар майыбы. Ол өз турақ жайында оңлаў жумысларын алып барыўда әмелий жәрдем сораған еди. Демек, бүгинги күнде бул жерде оңлаў жумыслары баслап жиберилди. Шаңарақ ийелериниң қуўанышы шексиз.

Қоңырат районындағы «Түркистан» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасайтуғын Дилбар Таҳирова да турақ жайын оңлап бериў бойынша жәрдемге мүтәж еди. Оның шараят ҳәм имканиятлары есапқа алынып мүрәжаты унамлы шешим тапты.

Машқаланы итибарсыз қалдырыўды өзлерине еп көрмейтуғын, ҳәр бир мүрәжаттың унамлы шешимин табыўды ең әҳмийетли мәселе деп есаплайтуғын жоқарыда келтирилген районлардың ҳәкимлеринен халық та разы болмақта.

Шаңарағы тыныш болған ҳаял ғана өмирден разы болады. Дурыс, өмир тәшўишсиз болмайды. Бирақ, оларды қыйнап атырған машқалалар аз болса ҳәм мәселелер өз ўақтында шешимин тапса ҳәр бир пуқараның кеўлинде миннетдаршылық сезимлери пайда болады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги