Ҳәзирги дәўирде жер жүзиндеги барлық мәмлекетлер COVID-19  пандемиясына қарсы гүреспекте ҳәм адамзат ушын оғада үлкен сынақ болмақта. Пандемия бир неше ай ишинде адамлардың турмыс тәризин, ислеў шараятларын кескин өзгертип жиберди. Бул сынақта ҳәр бир адам өз жуўапкершилигин терең сезинип, талап етилип атырған қағыйдаларға толық әмел еткенинде ғана коронавирусты жеңиўимиз мүмкин. Тилекке қарсы, ҳәмме адамлар да өзиниң әпиўайы ҳәрекети менен атырапындағыларға, жақынларына, шаңарағына айрықша қәўип туўдырып атырғанлығын аңламайды.

ҒХҚ ҳәм басқа да дәреклер арқалы ҳазирги пандемия шараятына тән тәртип-қағыйда, тийисли қағыйдаларға әмел етилиўи үзликсиз түсиндирилип атырған болса да, айырым жуўапкершиликсиз пуқаралар әпиўайы қағыйдаларға әмел  етпей атыр. Мәселен, халық арасында елеге шекем биймәлел қол берип көрисип атырғанлардың гүўасы болмақтамыз. Сондай жағдайлар болмақта, жора-жолдасларымыз ямаса танысларымызды көрип қалғанда олардың айырымлары зәрүр аралықты сақламай, көрисиў ушын дәрриў қолын созбақта. Ҳәзирги шараяттан келип шығып, кеширим сорап, қолыңызды көкирегиңизге қойып сәлем берсеңиз олар шын жүректен қапа болып, ҳәр түрли пикирлерге бармақта. Олардың пандемия шараятындағы тәртип-қағыйдалардан улыўма хабары жоқ ямаса жағдайға менсинбеўшилик пенен қарамақта. Дурыс, ҳуқықты қорғаў уйымлары тәрепинен пандемия шараятына әмел етпей атырғанларға тийисли илажлар көрилмекте. Бирақ, олардың ҳәммесин қадағалаў оғада қыйын. Ол бир қарағанда әпиўайы, «көзге көринбейтуғын» машқала болып түйилиўи мүмкин. Бирақ, усы пандемия шараятына да бизди сол көзге көринбес вирус алып келди. Сонлықтан бул вирусты жеңиў ушын белгиленген қағыйдалардағы ҳәр бир детальға итибар берген ҳалда қатаң тәртип пенен қатнас жасаў зәрүр.

Қайсы мәмлекетлерде халық белгиленген тәртипке бирлесип әмел етип атырған болса, сол мәмлекетлерде пандемия жеңил өтпекте ҳәм айырымлары вирусты жеңиў қарсаңында. Мысал ушын, Япония мәмлекетинде халық  пандемияға қарсы гүресиў ушын талап етилип атырған қағыйдаларға оғада жуўапкершилик пенен әмел етиўи менен бирге, олардың миллий мәдениятына тән «Одзиги» деп аталатуғын дәстүрий ийилип сәлем бериў арқалы өз-ара сәлемлеседи ҳәм сорасады. Ең әҳмийетлиси, «Одзиги»да адамлар бир-бирине ҳеш қандай қол созбайды ҳәм социаллық аралық сақланады. Япон халқының пандемияға қарсы гүресиўинде бул факторлардың орны әҳмийетли екенлиги итималдан жырақ.

Жуўмақлап айтқанда, халқымыз, жақынларымыз, шаңарағымыздың саламатлығы жолында көп заманлардан берли санамызға сиңип қалған болса да, қол берип көрисиўден тыйылыўымыз зәрүр екенлиги әлле қашан дәўир талабына айланып үлгерди. Ҳәзирги шараяттан келип шығып, қалаберсе, ата-бабаларымыздан мәнаўий мийрас болып киятырған дәстүрлеримизге садық болып қалған ҳалда ўақтынша қол берип ҳәм қушақласып көрисиўден ўаз кешиўди пүткил халқымызға усыныс етемиз.

Мухтар ИБРАГИМОВ,

Олий Мажлис Нызамшылық

палатасының депутаты

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги