Президент Шавкат Мирзиёев 16-июль күни видеобайланыс арқалы нефть-газ химиясы, электр техникасы ҳәм фармацевтика санаатындағы жаңа жойбарлардың презентациясы ҳәм усы тармақларды раўажландырыў жумыслары бойынша есабатлар менен танысты.

Пүткил дүнья жүзин қамтып алған пандемия жәҳән экономикасына айрықша унамсыз тәсир көрсетип атырған бүгинги шараятта мәмлекетимизде санаатты турақлы раўажландырыў жумыслары избе-из даўам еттирилмекте. Мәмлекетимиздиң шийки зат ресурсларын терең қайта ислеп, оларды монетизациялаў жолынан бармақта. Яғный, импорттың орнын басатуғын ҳәм экспортқа жарамлы таяр өнимлер ислеп шығарып, экономикалық нәтийжелиликти арттырыў илажлары көрилмекте.

Презентацияда нефть ҳәм газ химиясы тармағындағы мине усындай жаңа жойбарлар бойынша мағлыўмат берилди.

Өткен жылы 28-декабрьде «Наўайыазот» акционерлик жәмийетинде Поливинилхлорид каустикалық сода ҳәм метанол ислеп шығарыў комплекси иске қосылған еди. Бүгинги күнде оның 2-басқышы жойбарластырылмақта. Бул жойбардың баҳасы 440 миллион доллар әтирапында болыўы мөлшерленбекте. 650 адамның жумыс пенен тәмийинлениўи, жылына 132 миллион долларлық өнимниң таярланыўы режелестирилген. Сондай-ақ, заманагөй технологиялардың орнатылыўы нәтийжесинде үлкен көлемдеги тәбийғый газ үнемленеди.

25 миллион долларлық гезектеги жойбар водород пероксидин ислеп шығарыўға мөлшерленген. Тазалаў-дезинфекциялаў қәсийетине ийе бул элемент фармацевтика, медицина, тоқымашылық ҳәм күнделикли турмыста кеңнен қолланылады. Жойбар нәтийжесинде 50 жумыс орны жаратылып, жылына дерлик 20 миллион доллар муғдарындағы өним ислеп шығарылады. Бул кәрхананы 2021-жыл сентябрьде Наўайы ўәлаятында иске қосыў режелестирилген.

«Наўайыазот» АЖда баҳасы 18 миллион доллардан аслам болған және бир жойбар – карбамид формальдегид концентратын ислеп шығарыў жолға қойылмақта. Быйыл март айында бул кәрханада қурылыс басланған, оны келеси жыл мартта пайдаланыўға тапсырыў мөлшерленген. Бул жерде жылына 9 миллион долларлық импорттың орнын басатуғын товарлар ислеп шығарылып, 1 миллион долларлық муғдарындағы өним экспорт етиледи, 50 жумыс орны ашылады.

Баҳасы 12 миллион доллар болған карбоксиметилцеллюлоза тийкарында реагентлер ислеп шығарыў жойбары қурылыс, бураўлар, азық-аўқат санааты ҳәм медицина ушын үлкен әҳмийетке ийе. Быйыл март айында Жоқары Шыршық районында оның биринши басқышы иске қосылған. 2023-жылға шекем барлық төрт басқыш әмелге асырылғаннан кейин, импорттың орнын басатуғын 9 миллион долларлық экспортқа бағдарланатуғын 13 миллион долларлық өним таярланады. 100 жумыс орны шөлкемлестириледи.

Көбикли полипропилен ислеп шығарыў жойбарының баҳасы 5 миллион доллар болып, оның нәтийжесинде 40 жумыс орны жаратылады, 8 түрдеги жаңа өним өзлестириледи. Бул өнимлер ыссылық сақлаўшы қутылар, қәўипсизлик шлемлары, автомобиль орынлықлары, ойыншықлар ҳәм басқа да буйымлар таярлаўда қолайлы болады. Усы кәрхананы 2021-жылы августта Ташкент қаласының Яшнабад районында иске қосыў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы усы жойбарлардың презентациясы менен танысып, оларды жеделлестириў ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша көрсетпелер берди.

Системадағы жумысларды даўам еттирип, қурылыс, автомобиль қурылысы, фармацевтика тараўларында талап жоқары синтетикалық талшықлар, полиэфир смола, полимерлер, ароматлы углеводородларды ислеп шығарыўды жолға қойыў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәжилисте «Өзбекнефтьгаз» акционерлик жәмийетиниң биринши ярым жыллықтағы жумысының жуўмақлары да додаланды.

Карантин дәўиринде де системадағы барлық кәрханаларда үзликсиз ислеўге шараят жаратылды. Нәтийжеде алты айлық режелер орынланып, қосымша 1 миллиард куб метр тәбийғый газ, дерлик 22 мың тонна конденсат ҳәм 1,2 мың тонна  нефть қазып шығарыўға ерисилген. 11 жойбар бойынша жәми 846,5 миллион доллар инвестициялар өзлестирилген.

Президентимиз ислеп шығарылып атырған өнимлердиң сапасын жақсылаў, локализациялаў дәрежесин арттырып, импортты қысқартыў, тараўға санлы технологияларды жедел енгизиў бойынша көрсетпелер берди.

Геологиялық-излеў жумысларын кеңейтиў, углеводородларды қазып алыў көлемин көбейтиў бойынша перспективалы жойбарларға сырт елли инвесторларды тартыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте фармацевтика ҳәм электр техникасы санаатының раўажланыў жағдайы, жоқары қосымша қунға ийе сапалы өнимлер ислеп шығарыўды шөлкемлестириў, усы тармақлардың экспорт потенциалын кеңейтиўге қаратылған инвестициялық жойбарлардың барысы да көрип шығылды.

Мәмлекетимизде электр  техникасы санаатында 429 кәрхана болып, оларда 70 тен аслам түрдеги өнимлер ислеп шығарылмақта. Өткен жылдың жуўмақларына бола, тармақта 897,5 миллион долларлық өним ислеп шығарылған, 250,3 миллион долларлық өним экспорт етилген.

Фармацевтика санаатында 202 кәрхана жумыс алып бармақта. 2019-жылдың жуўмағында бул тармақта өндирис көлеми 170 миллион долларды, экспорт 22,1 миллион долларды қураған.

Усы еки тармақта 52 мыңнан аслам адам жумыс пенен тәмийинленген.

Фармацевтика кәрханаларының көпшилиги әпиўайы формулалы дәри-дәрмақларды ислеп шығарыў менен шекленбекте. Сол себепли импорт етилетуғын өнимлердиң үлеси 79 процентти қурайды. Бул еле пайдаланылмай атырған үлкен потенциалдың бар екенлигинен дәрек береди. Ҳәзирги ўақытта фармацевтика санаатында улыўма баҳасы 630 миллион доллар болған 93 инвестициялық жойбар әмелге асырылмақта, сонның 355 миллион доллары сырт ел инвестициялары болып есапланады. Усы жойбарларды әмелге асырыў 5,5 мың жумыс орнының жаратылыўын тәмийинлейди.

Мәжилисте тийисли тармақ, министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларының есабатлары тыңланды. Мәмлекетимиз басшысы фармацевтика ҳәм электр техникасы санаатын раўажландырыў, олардың экономикадағы үлесин арттырыў, сондай-ақ, коронавирус пандемиясы шараятында турақлы жумыс ислеўин тәмийинлеў бойынша анық ўазыйпалар қойды.

Илимий раўажланыўға сырт ел инвестицияларын кеңнен тартыў, жаңа өндирис орынларын шөлкемлестириўди хошаметлеў, соның ишинде, қосымша еркин экономикалық зоналар ҳәм алдынғы раўажланыў аймақларын жаратыў, усы тараўлардағы кәрханалар арасында кооперацияны тереңлестириў, өнимниң өзине түсер баҳасын азайтыў ҳәм оның бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, жергиликли өнимлердиң сыртқы базарға экспортын көбейтиў, сондай-ақ, электротехника ҳәм фармацевтика тараўындағы кадрлардың потенциалын күшейтиў бойынша тапсырмалар берилди.

 

ӨзА