«Ҳуқықый мәлимлеме» каналы нан сатып алыўда пул менен тəмийнленетуғын категорияларды еслетип ɵтти. 50 000 сўм муғдарында ҳəр айда ақшалай компенсация бериледи.

Тɵмендегилерге ун ҳəм қәлипли нан сатып алыў бойынша қосымша қəрежетлерди қаплаў ушын 50 000 сум муғдарында ҳәр айда ақшалай компенсация төленеди:

-жасқа байланыслы ҳәм майыплығы бойынша напақа алыўшылар;

-бағыўшысын жойытқанлық пенсиясын ҳәм напақасын (ҳәр бир бағылыўшыға) алыўшылар;

-балалықтан майыплығы болған 16 жастан үлкен пуқаралар;

-16 жасқа шекемги майыплығы болған балалар;

-18 жасқа толмаған АИВ инфекциясына шалынған пуқаралар;

Белгиленген ең кем жасқа байланыслы пенсияның муғдарынан аз пенсия алыўшылар;

-2 жасқа шекемги балаларының тәрбиясы ушын тайынланған напақа алыўшылар;

– материаллық жәрдем алыўшы шаңарақлар;

-14 жасқа шекемги балалары ушын тайынланатуғын напақаны алыўшы шаңарақлар;

-белгиленген ең аз жасқа байланыслы пенсия муғдарында пенсия алыўшылар.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги