Әмелдеги пенсия нызамшылығына муўапық, сырт елде жумыс исленген дәўир төмендеги шәртлер тийкарында мийнет стажына қосылады:

 

– 2019-жыл 1-январьға шекемги болған дәўир ушын – Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тыс Пенсия қорына қамсызландырыў төлемлери төленген жағдайда;

 

– 2019-жыл 1-январьдан кейинги дәўир ушын – бирден-бир социаллық салық төленген жағдайда.

 

Сырт елде жумыс ислеген дәўир ушын социаллық салықлар төлеў Министрлер Кабинетиниң 2016-жыл 22-февральдағы 46-санлы қарары тийкарында тастыйықланған Уставта белгиленген. Бунда сырт елде жалланып жумыс ислейтуғын адам пенсия менен тәмийинлениў муғдарларынан келип шығып Пенсия қорына бирден-бир социаллық төлем муғдарын еркин түрде, бирақ жылына Пенсия қорына бирден-бир социаллық төлем төлеў сәнесинде нызам ҳүжжетлеринде белгиленген пенсияны есаплаўдың базалық муғдарының төрт ярым есеси муғдарында белгилеўи мүмкин.

 

Сырт елде жалланып жумыс ислейтуғын адам тәрепинен бирден-бир социаллық төлем төлеў төмендеги тәртипте әмелге асырылыўы мүмкин:

 

– ҳәр айда ямаса ҳәр шеректе;

 

– биротала – Өзбекстан Республикасына келген күнинен баслап 3 жыл даўамында.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.