Бүгин ҳәм ҳәптениң ақырына шекем Өзбекстан аймағындағы ҳаўа райының қандай болыўын атмосферадағы төмен басымдағы майдан белгилейди. Бундай жағдай ушын әдетте шилле дәўиринде бақланатуғын жәзийрама ыссы ҳаўа райы тән болып табылады. Бул ҳаққында «Өзгидромет» хабар берди.

 

Июньның ақырында ҳәм июльдың басында бақланған салыстырмалы қолайлы температуралардан соң республикаға Түркменстаннан ҳақыйқый жаздың ыссысын тәмийинлейтуғын ҳаўа ағымы кирип келеди.

 

Усы күнлери температура түнде 21-24 градус, күндиз 37-42 градусқа шекем көтериледи.

 

Бул жаз мәўсиминиң усы айға тән болған нормадағы көрсеткишлерден 4-6 градусқа жоқары болып, бундай температура елимизде дерлик ҳәр жылы бақланады.

 

Республика бойлап айрым орынларда самалдың тезлиги секундына 15-20 метрге шекем күшейиўи және шаң көтерилиўи мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.