СӨЗ-УСТАЗЛАР ҲАҚҚЫНДА               

«Устаз атаңдай уллы»,-дейди дана халқымыз. Сонлықтанда устазларға сәлем берип, олардан ҳал-жағдайынан хабар алып турыў шәкирт ушын ҳәм парыз, ҳәм қарыз. Бүгинги қарақалпақ журналистикасында устазлар ҳаққында сөз болғанда белгили дөретиўши, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист Елмурат Байназаров дәслепкилерден болып тилге алынады.

Өмириниң дерлик 40 жылдан аслам ўақтын усы тараўға бағышлаған Елмурат Байназаров өзиниң мийнет жолын 1972-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтын рус тили ҳәм әдебияты қәнигелиги бойынша питкергеннен кейин  ҳәзирги «Қарақалпақстан жаслары» газетасында әдебий хызметкер болып ислеўден баслады. Сөз усы газетаның өз хабаршысы, бөлим баслығы, «Еркин Қарақалпақстан» газетасында аға хабаршы, бөлим баслығы, жуўаплы хаткер, бас редакторлың орынбасары лаўазымларында иследи. Усы жыллар даўамында өзиниң әҳмийетли темалардағы оператив ҳәм публицистикалық мақалалары менен көп санлы газета оқыўшыларының итибарына миясар болды.

1986-1988-жыллары Өзбекстан телеграф агентлиги (ӨзТАГ) ниң Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы ҳәм бас редакторы, 1988-1990-жыллары болса, «Еркин Қарақалпақстан» газетасының Бас редакторы лаўазымларында жумыс алып барды. Бас редактор сыпатында газетаның материаллық-техникалық базасын беккемлеў, оның тиражын көбейтиў, ең баслысы, сапасын арттырыў бойынша айрықша мийнет етти.

Елмурат аға 1990-1991-жыллары Қарақалпақстан Республикасы партия комитетиниң идеология бөлиминиң баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Ислер басқармасының миллетлерлераралық қатнасықлар бөлиминиң баслығы болып иследи.

1991-жылдың октябрь айында республикамыздағы рус тилинде шығатуғын «Вести Каракалпакстана» газетасына Бас редактор болып тайынланды. Бул жерде оның шөлкемлестириўишилик уқыбы, мийнет сүйгишлиги, жоқары дөретиўшилик потенциалы айқын көзге таслана баслады. Дерлик он бир жыл даўамында ол тек газетаның абырай-мәртебесин арттырыўға ғана емес, ал улыўма ғалаба хабар қуралларының жумысын жетилистириўге, миллий журналистика тараўына қәбилетли кадрлар таярлаўға өзиниң мүнәсип үлесин қосты. Соның ушын да қатар кәсиплеслери, жақын дослары елеге шекем «Орыс» деп ҳәзиллеседи.

2002-2015-жыл аралығында Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң Қарақалпақстан хабар агентлиги директоры болып иследи. Бул дәўирде жумыс процесине жаңа  мәлимлеме технологияларын кеңнен енгизиў, шолыўшылар менен аўдармашылардың  дөретиўшилик жумысларын шөлкемлестириўге айрықша әҳмийет берди. Нәтийжеде агентлик тәрепинен таярланып атырған ҳәр бир мақала ҳәм материалға талап артып барды. Сонлықтан агентликтиң республикамыз ғалаба хабар қуралларының арасында мүнәсип орны бар.

Тараўдағы узақ жыллық мийнетлери есапқа адлынып, 1999-жылы оған «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист» ҳүрметли атағы берилди.

-Устаздың және бир ибратлы тәрепи, бул жас қәнигелерге болған итибары болып табылады,-дейди Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист, «Меҳнат шуҳрати» ордениниң ийеси Аминбай Артықбаев.-Бүгинги күни Қарақалпақстан хабар агентлигин кадрлар устаханасы десек, асыра айтқан болмаймыз. Себеби, бул жерден шыққан кадрлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде, Министрлер Кеңесинде,  түрли министрликлер менен шөлкемлерде, ҳәкимликлерде жемисли мийнет етпекте. Бунда Елмурат аға Байназаровтың да устазлық мийнети көп.

Е.Байназаров тәжирийбели журналист, шебер аўдармашы болыў менен бирге жақсы дөретиўши де. Жумыстан бос ўақытларында публицистикалық шығармалар, қосықлар жазып турады.  Оның қосықлары республикалық газета ҳәм журналларда жәрияланып келинбекте. 2008-жылы «Билим» баспасында «Кәсибим журналист, лақабым «орыс», өткен жылы «Қарақалпақстан» баспасынан «Адамгершилик өлшеми» атлы китаплары басылып шықты.

-Қайсы кәсип ийеси болмасын, өзине бекитилген ўазыйпаны кеўилдегидей етип орынлаўға ҳәрекет етиўи керак,-дейди Елмурат аға биз бенен сәўбетинде.- Себеби, «Бүгинги исти ертеңге қалдырма»,-деген гәп бар. Өмирим даўамында  мине усыған әмел еткен ҳалда басшылар тәрепинен берилген ҳәр қандай тапсырманы минсиз атқарыўға ҳәрекет еттим.

Белгили рус жазыўшысы Н.Островский жазғанындай, өмир инсанға бир мәрте бериледи ҳәм оны биймәни өткерген күнлерден пушайман болмаслық керек.  Бүгин елимизде барлық тараўлар қатарында журналистикада жедел раўажланып бармақта.  Бүгинги жасларға ҳәўесиң келеди.  Солай болса да, оларға бир устазлық тилегим бар. Ҳәмийше китап жақын достыңыз болсын, оннан ҳеш қашан қол үзбең. Заманға сай билим алыўда, руўхый дүньяны байытыўда ҳеш нәрсе китаптың орнын баса алмайды.

Устаз бенен узақ ўақыт сәўбетлесиў мүмкин. Оған беккем денсаўлық, шаңарағына аманлық тилеў менен бирге, усы мақаламды өзиниң «Устазға мүрәжат» атлы қосығындағы төмендеги қатарлар менен жуўмақлаўды мақул көрдим.

«Еркин Қарақалпақстан» елге танытты,

«Вести Каракалпакстана» қыйнады қатты,

Сонда да он бир жыл мақтаныш еттим,

«Орыс редактор» деген атақты.

 

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Мақсет ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.