Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри И.Мажидовтың мәлим етиўинше, оқыя мәселесинде карантин шараятларынан келип шыға отырып бир қарарға келинеди. Сыртқы ҳәм кешки билимлендириў түрлери аралықтан оқытыўға өтеди, күндизги билимлендириўде болса мәлимлеме технологиялары енгизилген ҳалда алып барылады.

 

– Ҳәзирше жаңа оқыў жылының басланыўы бойынша әдеттегидей дәстүрий форманы жобаластырып атырмыз. Бирақ, аралықтан оқытыў процесине де таярмыз, – деп айтып өтти министр.

 

Бунда бәҳәрде жолға қойылған мәлимлеме технологияларынан пайдаланылған ҳалда алып барылған билимлендириў түрлери еле де жетилистириледи. Бул бағдарда шараяттан келип шыға отырып шешиўши қарарға келинеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.