Қарақалпақстан Республикасы Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў илажларын муўапықластырыў бойынша оператив Штабының усы жылдың 7-июль күнги 01-12/10-07/191-санлы арнаўлы протоколына муўапық, 2020-жылдың 10-июль сәнесинен баслап жөнелиссиз таксилерде жолаўшы тасыў ҳәм жеткерип бериў (доставка) хызметлерин көрсетиў ўақытша тоқтатылды.

 

ҚР Транспорт министрлиги тәрепинен жәрияланған усы хабарда бул шеклеўлер қашанға шекем даўам ететуғынлығы ҳаққында жазылмаған.

 

Еслетип өтемиз, кеше Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, 10-июльдан баслап Өзбекстан бойлап барлық аймақларда арнаўлы шәртлерге әмел еткен ҳалда жөнелиссиз таксилерде жолаўшы тасыўға рухсат берилгени ҳаққында хабар берген едик.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.