Усы жылдың 1-июль күнинен 7-июльға шекемги аралықта «Жибек жолы» – «Ғишт-Кўприк» қадағалаў-өткериў пункти арқалы 2700 ден аслам ўатанласларымыз Өзбекстанға қайтқан. Бирақ, жүзеге келген техникалық машқалалар себепли Қазақстан-Өзбекстан шегарасынан жерлеслеримизди өткериў шекленген муғдарда әмелге асырылды. Ақыбетте бул жағдай шегарада 3000 ға шамалас Өзбекстан пуқараларының топланып қалыўына себепши болды.

 

ӨзР Сыртқы ислер министрлигиниң хабар бериўинше, Республикалық арнаўлы комиссия, МХХ Шегара әскерлери ҳәм Өзбекстанның Қазақстандағы дипломатиялық ўәкилханаларының биргеликтеги ҳәрекетлери нәтийжесинде 8-июль күни пуқараларымыздың Қазақстан-Өзбекстан шегарасынан еркин өтиўине тосқынлық етиўши барлық техникалық ҳәм шөлкемлестириў мәселелери жеделлик пенен шешилген.

Министрлик Оператив штабының мағлыўматларына қарағанда, 2020-жыл 8-июль күни түнде ҳәм 9-июль күни «Жибек жолы» – «Ғишт-Кўприк» қадағалаў-өткериў пунктинен 3746 пуқара өткерилген.

 

Ҳәзирги ўақытта мәмлекетлер аралық шегараны кесип өтиўде машқалалар жоқ, қадағалаў-өткериў пунктлери әдеттегидей жумыс ислемекте, пуқаралардың топланып қалыў жағдайлары болып атырған жоқ.

 

Еслетип өтемиз, Өзбекстан пуқаралары қайтып келгеннен соң Республикалық арнаўлы комиссия тәрепинен белгиленген талапларға қатаң түрде әмел еткен ҳалда 14 күнлик карантинге орналастырылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.