Нөкис орайлық дийқан базары усы жылдың 10-июль күнинен баслап 1-августқа шекем ҳәптениң жуп күнлери ҳәм екшемби күни саат 12:00 ге шекем ашық болады. Бул ҳаққында «Zaman.uz» сайты хабар берди.

 

«Нөкис дийқан базары» АЖ баслығы Б.Қошқаровтың «Zaman.uz»ға мәлим етиўинше, санитариялық-гигиеналық илажларға муўапық базардың жумыс ўақтын ҳәр күни даўам ететуғын етип тиклеў мүмкиншилиги де бар.

 

Бул әлбетте, карантин шараятларына байланыслы жағдай болып есапланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.