ОНЛАЙН СЕМИНАР

Наўайы мәмлекетлик кәншилик институтының Нөкис филиалында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 27-майдағы «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманының мазмун-мәнисин ҳәм оның орынланыўы бойынша ўазыйпаларға бағышланған семинар болып өтти.

Zoom бағдарламасы тийкарында шөлкемлестирилген онлайн илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң юрист-консули, юридика илимлери бойынша философия докторы (PhD) А.Иматов, республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң басшысы Қ.Юсупов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң бөлим баслығы Ә.Өтеўлиев, Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты Нөкис филиалының директоры Ф.Худайбергенов ҳәм басқалар, жәмийетимизде коррупцияға қарсы маўасасыз қатнасты қәлиплестириў, мәмлекет ҳәм жәмийет турмысының барлық тараўларында  коррупцияның алдын алыў бойынша илажларды әмелге асырыў,  бул жынаятты келтирип шығарыўшы  себеп ҳәм шараятларды сапластырыў, усы ҳуқықбузарлықты ислегени ушын  жуўапкершиликке тартыў припципин тәмийинлеў мәселелери бойынша өзлериниң пикирлерин билдирди.

Атап өтилгениндей, елимизде соңғы жыллары коррупцияға қарсы гүресиў тараўында әҳмийетли шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый реформалар әмелге асырылмақта. Халықтың ҳуқықый санасы менен билимин арттырыўға,  оған қарсы гүресиў бойынша системалы илажлар көрилмекте.  Реформаларды әмелге асырыў бағдарында  пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплериниң қорғалыўы, мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығы, жәмийетлик ҳәм парламентлик қадағалаўды тәмийинлеў механизмлери жетилистирилди. Соның менен бирге, ҳуқық қорғаў ҳәм суд уйымларының ҳуқықый тийкарлары жаратылды. Жоқарыда атап өтилген пәрман тийкарында «Коррупциясыз тараў» жойбары 2019-жылдың 1-августынан баслап эксперимент сыпатында жәмийетшилик ҳәм жетекши экспертлерди тартқан ҳалда дәслепки басқышта  капитал қурылыс ҳәм жоқары билимлендириў тараўларында әмелге асырылған болса,  усы жылдың 1-апрелинен баслап жойбар басқа тараўларға да енгизилмекте.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Д. АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.