Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, 2020-жылдың 10-июль күнинен 1-август күнине шекемги аралықта карантин тәртиплериниң күшейтилип атырғаны ҳәм айрым тараўлардың жумыслары тоқтатылғаны ҳаққында хабар берген едик.

 

Қарарға муўапық, санаат ҳәм ири қурылыс объектлериниң жумысларын даўам еттириўге төмендеги шәртлер тийкарында рухсат берилмекте:

 

– тийисли объектлер аймағы толық карантинге алынады;

 

– объектлер аймағында санитариялық ҳәм гигиеналық қағыйдаларға толық әмел етилиўи тәмийинленеди;

 

– санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайлары менен биргеликте тийисли объектлерде санитариялық-гигиеналық илажлар әмелге асырылып барылады;

 

– объектлерге кирип-шығыў орынларын пирометрлер ҳәм антисептик затлар, дезинфекциялық «төсек»лер менен тәмийинлеў;

 

– хызметкерлер тәрепинен социаллық аралықты (2 метр) сақлаған ҳалда жумыс ислениўин тәмийинлеў.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.