Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы Жәмийетшилик пенен ислесиў бөлиминиң усы жыл 8-июль күнги мағлыўматларына қарағанда, Қарақалпақстанда коронавирус пенен наўқасланған адамлардың улыўма саны 166 ға жетти. Соннан 151 наўқас кеселликтен толық емленген. 15 наўқас емленбекте.

Ҳәзирги ўақытта 2728 пуқарада медициналық бақлаў даўам етпекте, соннан 222 пуқара арнаўлы карантин орынларында, 2506 пуқара үйлеринде бақлаўда турыпты.

Карантин талапларын бузғанлығы ушын 15110 пуқараға ҳәкимшилик шара көрилген. Соған қарамастан айырым пуқараларымыз бул жағдайларға итибарсызлық пенен қарап, карантин қағыйдаларын бузыўды даўам етпекте. Бул болса пуқаралардың өзлериниң ҳәм шаңарақ ағзаларының, жақынларының өмирине қәўип туўдырмақта.

Бул кеселлик пенен аўырмаў ҳәм басқаларға жуқтырмаў ушын ҳәр бир пуқара өзинде жеке жуўапкершилик сезе билиўин, санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға әмел етиўин, зәрүрлик болмаса үйден шықпай басқалар менен қатнаста болыўды азайтыўын және бир мәрте ескертемиз.

Егер Сиз денсаўлығыңызда өзгерис сезип, кеселлик белгилери пайда болған болса 103 тез жәрдем телефон номери арқалы шыпакерге мүрәжат етиўиңиз керек.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги