Усы жыл 6-июль күни Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында коррупцияға байланыслы жағдайлардың алдын алыўға бағышланған илаж болып өтти.

Оған филиал профессор-оқытыўшылары ҳәм бөлим хызметкерлери қатнасты. ZOOM бағдарламасы арқалы өткерилген илажда филиал директоры П.Палўаниязов мәмлекетимизде коррупцияға қарсы гүресиў бағдарында жүргизилип атырған жумыслар ҳәм коррупцияның унамсыз ақыбетлерине тоқтап өтти. Буннан соң, «Режиссура ҳәм актёрлық шеберлиги» кафедрасы баслығы Л.Уразмбетова, «Техноген ҳәм драматургия көркем өнери» кафедрасы баслығы К.Заретдинов, доцент М.Исмайлова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жәмийетимизге жат болған бул унамсыз иллеттен аўлақ болыў бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.

Коррупция ҳәр қандай жәмийеттиң социаллық-экономикалық, мәнаўий турмысына қәўип салатуғын, әсиресе, билимлендириў сапасының төменлеўине, усы тараўдыӊ раўажланыўына тосқынлық ететуғын иллет есапланады. Бул иллетке қарсы гүресиў бәрқулла әҳмийетли мәселелерден болып келген.

Илаж барысында карантин талапларына әмел еткен ҳалда жаңа 2020-2021-оқыў жылына таярлықлар көриў, онлайн оқыў платформасына оқыў режеде белгиленген пәнлер бойынша сапалы ресурсларды жаратыў, аудио ҳәм видиематериалларды жайластырыў кереклиги бойынша да пикир-усыныслар билдирилди.

Қ.Қалекеев,

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты

Нөкис филиалы қурамындағы  Билимлендириўдиң сапасын

қадағалаў бөлими баслығы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.