Коронавирустың жаңа – екинши толқыны ноябрь-декабрь айларында жүз бериўи мүмкин. Бул ҳаққында шыпакерлердиң дүнья жүзилик кәсиплик аўқамы «WMA»ның бурынғы басшысы, профессор Леонид Эйдельман айтып өтти, деп жазады «Kun.uz».

 

Эйдельманның атап өтиўинше, кеселликтиң жаңа толқынына жақсы таярлық көриў керек, өйткени бул «COVID-19»дың белгилерине ийе мәўсимлик өткир респираторлы вирус инфекциясы (ОРВИ) менен бирге өтиўи себепли аўҳал қыйынласыўы мүмкин.

 

«Ҳәр жылдағыдай ноябрь-декабрьде дем алыў жоллары кеселликлериниң көбейиўин түсиниў керек. Сол себепли жөтелип атырған, түшкирип атырған наўқасларды коронавирусқа шалынғанлардан парқлаў қыйын болады. Бул үлен машқала болып табылады», – деп айтып өткен профессор.

 

Эйдельманның билдириўинше, ноябрьге шекем денсаўлықты сақлаў системасы толық мобилизацияланыўы керек. Оның пикиринше, коронавирустың гүздеги толқыны карантин шеклеўлериниң бийкар етилгени себепли жаздағысынан күшлирек болады.

 

Қәнигениң атап өтиўинше, ҳәзирги ўақытта коронавирусқа шалынғанлардың саны дүнья жүзи бойынша көбеймекте. Айрым мәмлекетлерде, мәселен, Италия ҳәм Германияда наўқасланыў жағдайлары бираз көбейип атырғаны сезилип атырған болса, Ҳиндстанда бул көрсеткиш жоқары дәрежеге жеткен.

 

«Тийкарынан наўқасланғанлар саны анықланғанларынан көбиректи қурайды», – деп қосымша еткен Эйдельман.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.