Акция

Мәҳәлле ҳәм шаңарақларды қоллап-қуўатлаў министрлиги тәрепинен басланған «Жанажан елимниң абаданлығына өз үлесимди қосаман» сүрени астындағы ийгиликли акция елимиз бойлап кеңнен ен жаймақта. Акция шеңберинде турақ жайларда ҳәм көшелерде 2020-жыл июль-август айларында әмелге асырылатуғын ҳәрекетлер режесиниң бәнтлери бойынша «Абат үй», «Абат көше» ҳәм «Абат мәҳәлле» принципи тийкарында турақ жайлар, көшелер менен мәҳәллелер және де абадан ҳәм көркем көриниске ийе болмақта.

Қанлыкөл районындағы ҳәр бир мәҳәлле пуқаралар жыйынында секторлар бойынша абаданластырыўға ҳәм көклемзарластырыўға үлкен итибар қаратылмақта. Мәҳәлле пуқаралар жыйынларының ақсақаллары ҳәм қәўендерлер тәрепинен жәми 86 кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақтың ярымының үйи оңланып берилди.

Көп қабатлы турақ жайлардың подъездлери оңланбақта. Бар қыйтық жерлер ҳәм ыссыханалар хатлаўдан өткерилмекте. Нураний, жалғыз баслы кекселердиң қыйтақ жерлеринде жәрдем бериў ислери шөлкемлестирилмекте. Райондағы 14 қойымшылық ҳәм зыярат етиў орынларынан сегизи абаданластырылды.

«Абат үй», «Абат көше» ҳәм «Абат мәҳәлле» илажлары шөлкемлестирилип, жәмийетлик жумысларға тартылған жумысшылар ҳәм халық тәрепинен көшелер, көп қабатлы турақ жайлардың әтирапы тазаланды. Жоллардың шетине ҳәр қыйлы гүллердиң нәллери, ашық майданлардан ҳәм қараўсыз жатқан жерлерден өнимли пайдаланыў мақсетинде ҳәр қыйлы тереклердиң нәллери егилди.

Бундай тазалаў ҳәм көклемзарластырыў жумысларының нәтийжесинде барлық мәҳәллелер және де абат мәнзиллерге айланып бармақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги