Бажыхана басқармасы тәрепинен елимизде исбилерменлик пенен шуғылланыў ушын жаратылған бир қатар мүмкиншилик ҳәм қолайлықларға қарамастан бажыхана төлемлеринен қашыў мақсетинде  нызамсыз түрде исбилерменлик пенен шуғылланыў фактлери анықланбақта.

Сондай «исбилермен»лердиң бирине тийисли, «Даўыт ата» шегара бажыхана посты арқалы қоңсы мәмлекеттен кирип келген “MAN” маркалы автотранспорт қуралы посттағы инспекциялық тексериў комлексинен тексериўден өткерилгенде, оның тиркемесинде жасырылған, ҳүжжетлерде көрсетилмеген, 61,6 миллион сумлық алкоголь ишимликлери бар екенлиги анықланды. Сондай-ақ, пуқара Р.С.ның басқарыўындағы «Вольво» маркалы жүк автортранспорт қуралы да усындай тәртипте тексериўден өткерилгенде, онда улыўма баҳасы 44 миллион сумлық 231 дана автотранспортлар ушын арналған аўысық бөлеклер бар екенлиги белгили болды.

Басқарманың Контрабандаға қарсы гүресиў ҳәм бажыхана аудити бөлими хызметкерлери Нөкис қаласында ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте өткерген оператив илаж даўамында  пуқара Н.А. тәрепинен «шәртли қарыйдар»ға сапасы кепилленбеген ҳәм тийисли ҳүжжетлери болмаған 100 дана вирус блокатор медициналық үскенелерин 12 миллион сумға сатып атырғанында айғақлы затлар менен бирге қолға алынды.

Ҳәзирги ўақытта анықланған бул фактлер бойынша тергеў, сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги