Жақында Нөкис қаласындағы 1-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма орта билим бериў PISA халықаралық изертлеўлер бойынша таяныш мектебинде «PISA изертлеўлеринде математикалық саўатлылық» атамасында видеосеминар болып өтти.

ZOOM бағдарламасы арқалы онлайн түрде өткерилген илажда Нөкис қалалық халық билимлендириў бөлими қәнигелери, методикалық бирлеспелердиң баслықлары ҳәм мектеплердиң математика пәни бойынша муғаллимлери қатнасты.

Семинарда 1-санлы мектептиң математика пәни оқытыўшылары Ш.Төребекова қарақалпақ тилинде ҳәм А.Туктарова рус тилинде математикалық саўатлылық бойынша өзлериниң таярлаған презентацияларын түсиндирди. Қатнасыўшылар халықаралық баҳалаўларға таярлық көриў, бунда таяныш мектеплердиң жумысларын раўажландырыў менен байланыслы сораўларына жуўап алып, пикир-усынысларын билдирди.

Илаж қатнасыўшылары өзлериниң мектеплеринде муғаллимлерге усы тәризде ZOOM бағдарламасы арқалы онлайн семинар шөлкемлестириў кереклиги ҳаққында тапсырма алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги