«Ҳәр күни инфекциялық стационарларға дерлик 100 адам жатқарылмақта», – деп мәлим еткен Алма-ата қаласының ҳәкими Бақытжан Сагинтаев коронавирусқа шалынған наўқаслардың саны кескин артып атырғанынан қәўетерленип.

Сагинтаевтың қосымша етиўинше, 1-сентябрьге шекем қалада коронавирусқа шалынған наўқаслар жататуғын орынлар және 6 мыңға шекем көбейтиледи.

Қалада коронавирусқа қарсы гүресиў ушын ҳәзирги ўақытқа шекем жәми 4232 мың орынға ийе 19 стационар орайлар таярланған. Және қосымша тәризде 150 орын Руўхый саламатлық орайы базасында, 150 орын урология илимий орайының базасында ҳәм 200 орын Halyk Arena базасында шөлкемлестирилиўи мөлшерленген.

 

ӨзА