ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң хабар бериўинше, бүгин Қарақалпақстанда 8 наўқас «COVID-19» инфекциясынан толық саўалған. Соның менен бирге, халық арасында 3 адамда инфекция анықланған.

 

7-июль күни саат 10:00 деги жағдай бойынша Қарақалпақстанда «COVID-19» инфекциясынан емленип атырған наўқаслар улыўма төрт адам болып, олар Нөкис қаласы, Әмиўдәрья, Қоңырат ҳәм Хожели районларынан болып есапланады. Бул ҳаққында ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң хабар берди.

 

Наўқасланған адамлар Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында емленбекте.

 

Министрликтиң хабар бериўинше, 7-июль жағдайы бойынша Қарақалпақстанда улыўма 3141 адам карантинге алынған болып, соннан 17 адам Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасында, 97 адам медициналық карантин орынларында, 3027 адам үй шараятындағы карантинге алынған.

 

Усы күнге шекем 15 937 адам карантиннен шығарылған.

 

Эпидемиологиялық тексериў жумыслары даўам етпекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.