Бажыхана басқармасының мағлыўматларына қарағанда, бажыхана төлемлеринен қашыў мақсетинде товар-материаллық байлықларды нызамсыз түрде алып кириўге байланыслы бир қатар фактлер анықланбақта.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы «Даўыт ата» шегара бажыхана постына қоңсы мәмлекеттен кирип келген, пуқара Х.О.ның басқарыўындағы «MAN» маркалы жүк автотранспорты орнатылған тәртипте посттағы инспекциялық тексериў комплекси жәрдеминде тексериўден өткерилген.

Нәтийжеде, автотранспорт рамасына жасырылған, улыўма баҳасы 35 миллион сумға шамалас 2283 дана автотранспорт қураллары ушын арналған аўысық бөлеклер бар екенлиги анықланған.

Сондай-ақ, усы пост арқалы кирип келген пуқара М.Р.дың басқарыўындағы автотранспорт та бажыхана тексериўинен өткерилгенинде, онда бажыхана декларациясында көрсетилмеген ҳәм бажыханашылардың аўыз еки сораўында да айтылмаған 42,2 миллион сумлық товар-материаллық байлықлардың бар екенлиги анықланған.

Ҳәзирги ўақытта бул фактлер бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен тийисли сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги