Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов жумысшы топар менен Қоңырат районында болып, «Жанажан журтым абатлығына өз үлесимди қосаман!» сүрени астында аймақта әмелге асырылып атырған жумыслардың барысы менен танысып шықты.

Министрликтиң мәлимлеме хызмети тәрепинен берилген мағлыўматларға қарағанда, бул жерде олар бир қатар ийгиликли ислердиң әмелге асырылып атырғанлығының гүўасы болды. Атап айтқанда, «Әжинияз» АПЖ аймағында жасаўшы, кем тәмийинленген шаңарақлардың бири А.Айбазарованың үйиниң сыртлары ҳәкленип, терезелери боялып, жасаў орны абаданластырылған. Оның перзенти Тлеубаев Муратбай суўдан пайдаланыўшылар бирлеспесине жумысқа киргизилип, бәнтлиги тәмийинленген. Усы аймақта жасаўшы Нурлыбаев Парахаттың турақ жайы да шиферланып берилген.

«Қумбыз» МПЖ аймағында мәҳәллениң жаңа имараты салынатуғын орында, мәҳәлле хызметкерлери ҳәм белсендилери менен сәўбет өткерилди.

Усы аймақта, яғный, «Бердақ» ҳәм «Моншақлы» мәкән пуқаралар жыйыны және «Алтынкөл» посёлкасы пуқаралар жыйыны аймағында министр С.Турманов мәҳәлле хызметкерлери ҳәм белсендилери менен сәўбетлесип, «Бердақ» мәҳәллеси имараты туўралы пикирлести.

Сондай-ақ, «Алмазар» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында болып, министрдиң басламасы менен усы мәҳәлле турғыны, кем тәмийинленген, бағыўшысынан айырылған З.Ибрагимованың үйиниң сыртлары сыбап берилип, әмелий жәрдем көрсетилди. З.Ибрагимованың қызы жәмийетлик жумысқа тартылды.

Ѳзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң басқарма баслығы А.Бустанов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов басшылығындағы жумысшы топар Қанлыкѳл районындағы «Бескѳпир» ҳәм «Арзымбетқум» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында әмелге асырылып атырған абаданластырыў жумыслары менен танысып, кем тәмийинленген шаңарақлар дизиминде туратуғын хожалықлардың ҳалынан хабар алды. Аймақ турғынларының үй алды қыйтақ жерлеринен пайдаланыў жағдайын үйренди ҳәм кѳшелердеги турақ жайларды оңлаў, жап-салмаларды тазалаў, кѳгалландырыў ҳәрекетлерин кѳзден өткерди.

Жумысшы топар тәрепинен және ислениўи керек болған жумыслар атап өтилип, тийисли усыныслар билдирилди.

Бул бағдардағы илажлар даўам етпекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги