Бозатаў районында жасайтуғын, районлық Халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайының инспекторы лаўазымында ислеп келген пуқара С.М. өзиниң баслығы, Бозатаў районлық Халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайының директоры жумыстан шығарып жибермеўи ушын пара сыпатында пул талап етип атырғанын мәлим етип ИИБға мүрәжат еткен. Бул ҳаққында ҚР ИИМ мәлимлеме хызметине тийкарланып «Янги Ўзбекистон» басылымы хабар берди.

 

Мүрәжат тийкарында ҚР Ишки ислер министрлиги Коррупция ҳәм экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў бөлиминиң хызметкерлери тәрепинен өткерилген оператив илаж даўамында Бозатаў районлық Халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайының директоры И.Б. қол астында ислейтуғын пуқара С.М.дан жумыстан шығарып жибермеўи ушын пара сыпатында талап еткен 2 000 000 (еки миллион) сум пулды алған ўақытта айғақлы дәлиллер менен илаж қатнасыўшылары тәрепинен қолға алынған.

 

Бул жағдай бойынша ӨзР Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.