Мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратура қәнигеликлерине қабыллаў ушын ҳүжжетлерди дизимге алыў процеси 2020-жылдың 1-июль күнинен баслап Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң рәсмий веб-сайты арқалы әмелге асырылмақта.

 

Усы ҳүжжет тапсырыў процесинде тест сынақлары тапсырылатуғын аймақ белгилениўи керек.

 

Ҳәзиргидей коронавирус пандемиясы шараятында республика аймақларын «сары» ҳәм «қызыл» аймақларға өзгериў мүмкиншилиги сақланып қалмақта. Сол себепли, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги талабанларға тест сынақлары тапсырылатуғын аймақ сыпатында өзи ҳәзирги ўақытта жасап атырған аймақты белгилеўди усыныс етпекте.

 

Бул арқалы ўақытты артықша сарплаў шекленип, аралықты басып өтиўге болған зәрүрлик жүзеге келмейди.

 

Талабанлар magistr.edu.uz веб-сайты арқалы дизимнен өтиўи мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.